Турнирде Өзбекстан сайланды командаларын Зайнаб Дайыбекова, Гүлистан Пердебаева, Фернанда Эррера ҳәм Аякөз Жумамуратовалар қорғады.

Атап өтилиўинше, чемпионат шеңберинде Азия қылышласыў конфедерациясы тәрепинен 2024/2025-жылғы мәўсим лауреатларын сыйлықлаў мәресими де өткерилди. Сыйлықланғанлар қатарында шпага жарысларында ең жақсы төреши сыпатында тән алынған өзбекстанлы Дилором Турдиқулова да бар.