Бул ҳаққында “Euronews” хабарына тийкарланып “Kazinform” хабар бермекте.
Қурылма 2018-жылы Франциялық Гвианадағы космодромнан ушырылған. Жойбарды Европа космос агентлиги ҳәм Япония аэрокосмослық изертлеў агентлиги (JAXA) биргеликте әмелге асырмақта.
Миссия илимпазларға Қуяшқа ең жақын ҳәм Қуяш системасындағы ең киши планета — Меркурийди толығырақ үйрениў имканиятын береди. Оның бетиндеги температура күндиз +430 градусқа шекем, түнде -180 градусқа шекем төменлеўи мүмкин.
“ESA” мағлыўматларына бола, қурылма әллеқашан Жер менен байланыс орнатқан, қәнигелер болса оның орбитаға табыслы шыққанын тастыйықлаған.
Декабрь айында Европа ҳәм Япония изертлеў модуллерин ажыратыў режелестирилмекте. Илимий бағдарлама 2027-жыл апрель айында басланыўы керек, деп жазады “Kazinform”.
Илимпазлар алынған мағлыўматлар Меркурийдиң дүзилис өзгешеликлерин ашыўға ҳәм Қуяш системасының қәлиплесиў тарийхын жақсырақ түсиниўге жәрдем береди деп есаплайды.