Ишки ислер министрлиги бул хабарлардың ҳақыйқатлығын анықлаў ҳәм мағлыўматлардың тарқалыўының итималлы дәреклерин үйрениў мақсетинде тексериў басланғанын мәлим етти.
Үйрениў жумыслары Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети жанындағы "Киберқәўипсизлик орайы" мәмлекетлик мәкемеси, Ишки ислер министрлиги ҳәм «AUTODOC» ЖШЖ жуўапкерлери тәрепинен биргеликте алып барылмақта.
Соның ишинде, «AUTODOC» ЖШЖ тәрепинен ислеп шығылған ҳәм операторлығы әмелге асырылатуғын SAFE Service (бурынғы "Safe Road") платформасы, сондай-ақ, басқа да тийисли мәлимлеме системалары ҳәм электрон платформаларда шахсқа байланыслы мағлыўматлардың шығып кеткенлиги менен байланыслы жағдайлардың бар ямаса жоқ екенлиги тексерилип атыр.
Үйрениўлер жуўмақлары бойынша анықланған жағдайлар, сондай-ақ, хабарлар тастыйықланбаған жағдайда, олардың келип шығыў себеплери ҳәм дәреклери бойынша қосымша рәсмий мәлимлеме усынылады, делинеди билдириўде.