"Администрацияда топарымыз бенен үлкен "ақыл ҳүжими"
өткердик. Жақын келешекте әмелге асырыўымыз мүмкин болған әҳмийетли бағдарлар,
ири жойбарларды додаладық.
Биз бул форматта турақлы жумыс алып барып атырмыз. Тийкарғы бағдарларды
белгилеп аламыз, әҳмийетли мәселелерди талқылап, ҳәр қыйлы шешимлерди усыныс
етемиз ҳәм ең жақсы нәтийже бериўи мүмкин болғанларын таңлаймыз.
Ҳәр бир мәселе пүткил топар тәрепинен толық додаланатуғын бундай қатнас
көбирек имканиятларды көриўге ҳәм нәтийжелирек шешимлер табыўға жәрдем береди.
Жуўмақлары бойынша анық ўазыйпаларды белгилеп, усынысларды
қәлиплестиремиз ҳәм Президентке усыныс етемиз", - деди Саида Мирзиёева.