Ушырасыў алдынан ФИФА ўәкиллери ҳәм командалардың жуўапкерлери
қатнасыўында мәжилис болып өтти. Ушырасыў даўамында турнир регламентине
байланыслы бир қатар мәселелер бойынша түсиниклер ҳәм ескертиўлер берилди.
Атап өтилиўинше, болажақ ушырасыўда Өзбекстан сайланды командасы
футболшылары майданға толық ақ формада шықса, дәрўазаман жасыл формада ойнайды.