Бул баслама экологиялық турақлы қала орталығын
қәлиплестириў, жәмийетлик транспорт, велосипед, электромобиллер ҳәм басқа да экологиялық
қолайлы транспорт қуралларынан пайдаланыў мәдениятын раўажландырыўға хызмет
етеди.
"Автомобилсиз күн" ҳәм "Автомобилсиз
ҳәпте" акциялары шеңберинде Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети
ҳәм оның аймақлық бөлимлери хызметкерлери хызмет ҳәм жеке автотранспорттан
пайдаланыўдан ўаз кешип, жәмийетлик транспорт, велосипед ҳәм басқа да экологиялық
қәўипсиз ҳәрекетлениў усылларын қолланған.
Комитеттиң мағлыўматларына бола, акция басланғанынан берли
орайлық аппарат ҳәм аймақлық бөлимлер хызметкерлериниң 1 мың 730 дан аслам
хызмет ҳәм жеке автомашиналарынан пайдаланыў шекленген. Бул арқалы атмосфераға
шығарылатуғын зыянлы шығындылардың муғдары орташа 17 мың 370 килограммға
азайған, қала жолларына жүклеме азайған.
Экология ҳәм климат өзгериўи бойынша миллий комитети
әмелдеги нызамшылыққа муўапық, мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлери тәрепинен
"Автомобилсиз күн" ҳәм "Автомобилсиз ҳәпте" акциялары
өткерилип атырған күнлерде автотранспорт қуралларынан пайдаланыў нызамда
белгиленген жуўапкершиликке себеп болатуғынын ескертти.
Комитет мәмлекетлик уйымларды, мүлктиң барлық түриндеги
шөлкемлерди ҳәм мәмлекет халқын экологиялық басламаны белсене
қоллап-қуўатлаўға, имканияты болғанынша жеке автомобиллерден пайдаланыўдан ўаз
кешиўге, атмосфера ҳаўасының сапасын сақлаўға хызмет ететуғын жәмийетлик
транспорт, электромобиллер, велосипедлер ҳәм басқа да экологиялық таза
транспорт түрлерин көбирек таңлаўға шақырады.