"Бүгинги күнде билимлендириў тараўында жүз берип атырған өзгерислердиң мазмун-мәниси неде?", деп жазады Шерзод Асадов.

Оның атап өтиўинше, еки министрликти бирлестириўге тийкар болған Президентимиздиң тийкарғы идеясы төмендегилерден ибарат:

- Билимлендириў ҳәм илим министрлиги барлық мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, мектеплер, профессионал билимлендириў шөлкемлери ҳәм жоқары оқыў орынларының жумысын шөлкемлестириўи, олардың әмелдеги жумысына жуўапкер болыўы, билимлендириў жумысына талапларды белгилеўи, аккредитациялаў ҳәм лицензиялаўды әмелге асырыўы керек;

- Билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў миллий агентлиги оқыў бағдарламалары, қолланба ҳәм методикалық материалларды ислеп шығып, әмелиятқа енгизетуғын, нәтийжелерин қадағалап баратуғын, анықланған кемшиликлерди есапқа алған ҳалда, оларды жетилистирип баратуғын өзине тән лаборатория болыўы керек. Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген "өзбек мектеби питкериўшисиниң портрети" бул жумысқа тийкар болатуғыны;

- Президент Администрациясы ҳәм оның жанында шөлкемлестирилетуғын арнаўлы жумысшы топар жаңа министрликтиң структурасын ислеп шығады, жумыс процесслерин қайта көрип шығады, оларды жетилистириў бойынша усыныслар таярлайды ҳәм реформалардың улыўма стратегиясын белгилейди;

- жоқары билимлендириўде мәмлекеттиң араласыўын кескин азайтыў, жоқары оқыў орынларының еркинлигин кеңейтиў, мәмлекетлик емес секторға имканият жаратыў керек. Қайсы жоқары оқыў орны сапалы билим беретуғынын болса еркин бәсеки ҳәм базар талабы көрсетиўи керек.