Саида Мирзиёева "Жазғы мектеп" өткен жылдың октябрь айында Оксфорд университетинде басланған Өзбекстан бойынша изертлеўлер бағдарламасының даўамы екенин атап өтти.

"Өткен жылдың октябрь айында Оксфордта баслаған Өзбекстан бойынша изертлеўлер бағдарламасы толық қуўатлылық пенен ислеп атырғаны ҳәм әжайып нәтийжелер берип атырғанын көрип оғада қуўанышлыман.

Енди Оксфорд студентлери ҳәр күни өзбек тилинде сөйлесетуғын жерде бир ай даўамында өзбек тилин үйрениў, мәдениятымыз, тарийхымыз ҳәм қалаларымыз бенен танысыў ушын Өзбекстанға келди.

Балаларға оқыўда табыслар, өзбек тилиниң байлығы ҳәм образлылығы жолында қызықлы ойлап табыўлар тилеймен.

Мәмлекетимиз сизлер ушын шын мәнисинде туўысқан ҳәм түсиникли болсын!", - деп жазды Саида Мирзиёева өзиниң Telegram-каналында.