Себеби жасалма интеллект билим алыў ҳәм мийнет етиў усылларын түп-тийкарынан өзгертип атырған ҳәзирги ўақытта билимлендириўдиң мақсети ҳаққында қайта ойлаў зәрүрлиги туўылады. Информацияны излеў, таңлаў ҳәм усыныў ўазыйпасын заманагөй үлкен тезликте орынламақта. Бирақ баланың қәлбине жол табыў, оған Ўатанға муҳаббат, ҳадаллық, жуўапкершилик ҳәм мийнет сүйгишлик сезимин сиңдириў тек ғана жанлы инсанның, яғный устаздың қолынан келеди. Президентимиз устаз ҳәм муғаллимлер менен өткерилген ушырасыўда әйне усы ҳақыйқатлыққа сүйенип, устазды "меҳир дәрьясы", "жақсылық булағы" ҳәм "ағартыўшылық қуяшы" деп тәрийпледи.

Басламалар мәниси

Ушырасыў даўамында билдирилген пикирлерди таллап көрсек, олардың орайында бир идея турғанын көремиз: билимлендириўдиң тийкарғы мәнзили имарат, үскене ямаса есабат санлары емес, ал оқытыўдың мазмуны, сапасы ҳәм устаздың социаллық статусы болып есапланады. Кейинги он жылда 1 миллион 800 мың орынлық бақшалар ҳәм 1,5 миллион орынлық мектеплер қурылды, 10 мыңнан аслам билимлендириў мәкемеси заманагөй көриниске келтирилди. Президентимиз бул нәтийжелерди атап өтип, енди "имаратлардан да әҳмийетлирек мәселе – оқытыўдың мазмуны ҳәм сапасы", деген жуўмаққа итибар қаратты. Бул билимлендириў сиясатында муғдардан сапаға өтиўдиң ашық жәрияланыўы болып табылады.

Басламаларды бес бағдарда улыўмаластырыў мүмкин.

Бириншиси, устаз статусын беккемлеў — Абдулла Авлоний атындағы мәмлекетлик сыйлықты шөлкемлестириў, "Жыл муғаллими" таңлаўына бақша тәрбияшылары ҳәм техникум усталарын киргизиў, халықаралық ҳәм миллий сертификатқа ийе муғаллимлерге 50 процент үстеме төлеў, мың педагогты сырт елде стажировкадан өткериў.

Екиншиси, нәтийжеге тийкарланған басқарыў — мектеплердиң жумысын баҳалаў ушын "сапа индекси"н енгизиў, алдынғы мектеплерге басқалардың өсиўине жәрдем бергени ушын 30 процент үстеме белгилеў.

Үшиншиси, мәжбүрийликтен таңлаў еркинлигине өтиў — маманлық арттырыў бойынша мәжбүрий бир айлық курслар орнына кәсиплик раўажланыў ваучерлерин бериў, педагогтың 18 сааттан 72 саатқа шекемги оқыўды өзи таңлаўы.

Төртиншиси, билимлендириў басқышларының үзликсизлиги ҳәм кәсипке бағдарлаў — мектептен баслап кәсип ҳәм шет тилин ийелеў, дуал билимлендириўди техникумлардан жоқары оқыў орынларына шекем кеңейтиў.

Бесиншиси, теңлик ҳәм ҳәр түрлилик — инклюзив билимлендириў, жеке меншик мектеплер ҳәм техникумларды қоллап-қуўатлаў, сырт елдиң ең күшли 300 университетиниң филиалларын тартыў.

Бул системада ҳәр бир баслама бир-бирин толықтырады. Мәселен, бақшада ойын арқалы қәбилетлери ашылған бала мектепте пәнлерди терең үйрениў имканиятына, соң кәсиплик ямаса жоқары билимлендириўде кәрхана буйыртпасы тийкарында дуал билимлендириўге жол табады. Бунда ҳәр бир басқыштағы устаз усы шынжырдың тең ҳуқықлы буўыны болып қалады.

Жәмийет раўажланыўындағы әҳмийети

Президентимиз белгилеп берген басламалардың жәмийеттиң раўажланыўындағы әҳмийети, бәринен бурын, социаллық-руўхый турақлылық, экономикалық раўажланыў ҳәм педагогикалық системаның ишки раўажланыўына қаратылғанында көринеди. Мәселен, балаларының пахта атызынан мектеп партасына, муғаллимлердиң билимлендириў процесине қайтарылыўы билимлендириўдиң социаллық әдиллик ҳәм инсан қәдир-қымбаты менен байланыслы мәнисиниң көриниси болып табылады.

PISA рейтингинде 15 жасар оқыўшылардың тәбийғый пәнлер бойынша 32 текше жоқарылап, 48-орынды ийелеўи, бир жылда абырайлы олимпиадаларда 228 медаль қолға киргизилиўи, мектеп дәўиринде-ақ шет тили ҳәм пәнлер бойынша сертификат алған оқыўшылардың санының 100 мыңға жетиўи билимлендириў системасының тамырларындағы унамлы жылжыўдан дәрек береди.

Халықаралық ҳәм миллий сертификатқа ийе муғаллимлердиң саны бес жылда 29 мыңнан 143 мыңға артқаны, мектеплерде муғаллим жетиспеўшилигиниң үш есеге азайғаны, 40 мың муғаллимниң 1 мың доллардан жоқары мийнет ҳақы алып атырғаны кәсиптиң абырайы тикленип атырғанын көрсетеди. Педагог өз кәсибинен материаллық ҳәм руўхый қәнәәт таппаса, жоқары сапаны талап етиў әдалатсыз болады. Соның ушын, хошамет ҳәм жуўапкершиликтиң үнлеслиги реформаның тийкарғы қағыйдасы болыўы керек.

Теңлик ҳәм таңлаў еркинлиги принциплери де жәмийет раўажланыўының әҳмийетли шәрти есапланады. Еки жылда инклюзив шараят жаратылған мектеплердиң саны дерлик бес есеге артып, 3 мың 591 ге жеткени айрықша мүтәжлиги бар балалар теңлеслери менен бир орталықта оқыўы ҳәм өсиўине жол ашады. Бундай орталықта саламат бала да тилеклеслик, кеңпейиллик ҳәм бир-бирине жәрдем бериў мәдениятын үйренеди. Жеке меншик мектеплер ҳәм техникумлар ушын берилип атырған жеңилликлер болса мәмлекетлик билимлендириў системасын алмастырмайды, керисинше, саламат бәсеки арқалы сапаны арттырады ҳәм мәмлекетлик мектеплерге де өз тәжирийбесин байытыў имканиятын береди.

Мектепке шекемги билимлендириўге берилип атырған итибар терең илимий тийкарға ийе. Заманагөй психология ҳәм педагогика баланың шахс сыпатында қәлиплесиўинде дәслепки жыллар шешиўши екенлигин тастыйықлайды. Бақшаны баланың қәбилети ашылатуғын орын деп билиў, ойын арқалы билимлендириў бағдарламасын 38 мыңнан аслам бақшаға енгизиў, 180 мың тәрбияшыны оқытыў келешектеги оқыў мотивациясы ҳәм дөретиўшилик пикирлеўдиң тийкары қойылып атырғанын билдиреди.

Сондай-ақ, "сапа индекси" ҳәм ваучерлер системасы билимлендириўди басқарыўда жаңа мәдениятты қәлиплестиреди: қадағалаў орнына таяныш, көрсетпе орнына таңлаў, есабат орнына нәтийже береди.

Сапа өлшеми

Жоқарыда санап өтилген барлық басламалар ақырында класс бөлмесинде, муғаллимниң сөзи, нәзери ҳәм қатнасында жүзеге шығады. Сабақлық жаңа, имарат заманагөй болыўы, кредит ҳәм жеңилликлер берилиўи әҳмийетли, бирақ балаға тәсир ететуғын бирлемши фактор муғаллимниң шахсы ҳәм сөзи болып есапланады. Соның ушын билимлендириўдиң сапасының ҳақыйқый өлшеми педагогикалық шеберлик болып табылады.

Педагогикалық шеберлик - педагогтың билим, кәсиплик көнликпе, жеке пазыйлет ҳәм дөретиўшилик үйлесиминде көринетуғын жоқары кәсиплик дәрежеси. Ол төрт қурамлық бөлимнен ибарат: пән ҳәм методика бойынша терең билим; оқыўшы психологиясын түсиниў ҳәм оған сәйкес усыл таңлаў қәбилети; өзин-өзи басқарыў ҳәм дөретиўшилик өзгериўшеңлик; ҳәм, ең тийкарғысы, сөйлеў мәденияты. Устаз сөзи пән мазмунын жеткериў қуралы болып қалмай, ол оқыўшы ушын әдебий тил, пикирлеў усылы ҳәм руўхый әдеп үлгиси есапланади.

Сөйлеў мәденияты дурыс сөйлеў ҳәм имла, сөзлик байлығы, логикалық избе-излик ҳәм усыл сәйкеслиги менен бирге, тыңлаўшыға ҳүрмет мәдениятын да өз ишине алады. Оқыўшыға берилген сораў интонациясы, қәтесине билдирилген мүнәсибет, мақтаў ҳәм ескертиў сөзлери оның өзине исенимин қәлиплестиреди ямаса сөндиреди. Сол себепли Президентимиз атап өткен "критикалық пикирлеў" ҳәм "өз бетинше пикирлеў" көнликпелерин тәрбиялаў, бәринен бурын, устаздың сораў бериў ҳәм тыңлаў мәдениятына байланыслы. Оқыўшының пикирин тыңлай алмаған, оған дөретиўшилик сораў бере алмаған педагог сын көзқарастан пикирлейтуғын әўладты тәрбияламайды.

Шешенлик өнери педагог хызметиниң ажыралмас бөлеги. Әййемги грек ҳәм шығыс ойшыллары шешенликти тек гөззал сөйлеў емес, ал пикир, әдеп-икрамлылық ҳәм тәсир күшиниң бирлиги деп билген. Сабақ киши сөйлеў сахнасы: оның басланыўы (қызықтырыў), раўажланыўы (түсиндириў ҳәм пикирлеў), ҳәўиж алыў ноқаты (ашылыў мәҳәли) ҳәм жуўмағы бар. Устаз ҳаўаз интонациясы, тыныс, ымлаў, мысал ҳәм теңеўден орынлы пайдаланып, қурамалы түсиникти де оқыўшыға түсиникли ҳәм есте қаларлық етип жеткере алады. Сонлықтан, педагогикалық жоқары оқыў орынларында ҳәм маманлық арттырыў системасында сөйлеў мәденияты ҳәм шешенлик көркем өнери өз алдына, әмелий сабақларға тийкарланған бағдар сыпатында күшейтилиўи керек.

Буннан тысқары, билим бериўде педагогикалық герменевтика деген түсиник бар. Оның мәниси соннан ибарат, оқытыў хабарды бир адамнан басқасына жеткериў емес, ал мәнисти биргеликте жаратыў болып табылады. Оқыўшы ҳәр бир жаңа билимди өз тәжирийбеси, тили ҳәм дүньяқарасы арқалы талқылайды, муғаллим болса усы талқылаўдың қалай өтип атырғанын аңлап, оны дурыс жолға салыўы керек.

Президентимиз мектеплерде 2018-жылдан берли жаңа әўлад сабақлықлары жаратылатуғынын, быйыл 324 сабақлық қайта исленгенин атап өтти. Бирақ ең жақсы сабақлық та дилмаш устаздың қолында ғана жанлы билимге айланады. Герменевтикалық дәрежеси төмен педагог сабақлықтың мазмунын ашпастан ядлатады, дәрежеси жоқары болса оны оқыўшы турмысы менен байланыстырып, өз бетинше жуўмаққа ийтермелейди.

Педагогикалық шеберликтиң және бир әҳмийетли тәрепи – педагогикалық такт ҳәм әдеп-икрамлылық абырай. Оқыўшылар устаздың айтқанынан көре көбирек оның өзи қалай жасап атырғанына қарайды. Сөзи менен иси бирдей болған, ўәдесине садық болатуғын, оқыўшыны қәтеси ушын ақыретлемей туўры жолға баслайтуғын педагог шәкиртиниң кеўилинде мәңгилик из қалдырады. Шығыс педагогикалық ой-пикиринде устаз бәрқулла әдеп-икрамлылық тымсалы болған; Юсуф Хас Ҳажиб, Қайқаўыс ҳәм Әлийшер Наўайы шығармаларында билим ийеси болыў менен бирге сөзге жуўапкершиликли болыў да жоқары пазыйлет сыпатында улығланады.

Усы мәнисте, мәмлекетимизде педагог кадрлар таярлаў системасына айрықша итибар қаратылып атырғаны дыққатқа ылайық. Келеси оқыў жылынан тәрбияшылар ушын педагогикалық жоқары оқыў орынларында оқыў мүддетиниң төрт жылдан үш жылға қысқартылыўы, бақшаларда кеминде бес жыл ислеген тәрбияшы жәрдемшилерине де усындай имканият берилиўи кәсипке кириў жолын кеңейтеди. Бирақ мүддет қысқарған сайын, оқыў бағдарламаларының сапасы ҳәм тығызлығы төменлемеўи керек. Буның ушын ислеп атырып оқыйтуғын педагог ушын аралықтан ҳәм аралас форматтағы бағдарламалар, тәжирийбели устаздың басшылығы ҳәм әмелий сабақлардың көбейтилиўи әҳмийетли шәрт болып есапланады.

Олимпиада жеңимпазларын таярлаған муғаллимлерге тиккелей жоқары категория берилиўи, баслаўыш класслар ушын пән олимпиадаларының жолға қойылыўы қәбилетли балаларды ерте анықлаўға хызмет етеди. Бунда жеңимпазларға емес, ҳәр бир балаға итибар бериў принципинен шегинбеў керек: жарыс оқыўшыны қызықтырыўы, руўхый басым өткермеўи керек. Усы көзқарастан, устаз оқыўшының жетискенлигин де, сәтсизлигин де ҳүрмет пенен қабыл етип, оннан өсиў имканияты сыпатында пайдалана алыўы, яғный педагогикалық тактты жоқары дәрежеде ийелеген болыўы лазым.

Жоқары билимлендириўде болса илимий-педагогикалық кадрлардың педагогикалық шеберлиги машқаласы айрықша көтерилиўи зәрүр. Көплеген илимпазлар өз тараўының қәнигеси болса да, студентке билимди түсиникли ҳәм қызықлы жеткериў шеберлигиниң жетиспеўинен азап шегеди. Дуал билимлендириўде кәрханадан студентке бириктирилген устазлар да, жоқары оқыў орны оқытыўшылары да педагогикалық шеберлик, сөйлеў мәденияты ҳәм қарым-қатнас көнликпелери бойынша арнаўлы таярлықтан өтиўи зәрүр. Сонда билимлендириў ҳәм өндирис арасындағы бирге ислесиў тек ғана ҳүжжетлер дәрежесинде қалмай, ҳақыйқый оқытыў сапасына айланады.

Президентимиздиң ушырасыўда билдирген басламалары комплекси билимлендириў сиясатында мазмун ҳәм сапаға, муғаллим статусына, нәтийжеге ҳәм избе-изликке тийкарланған жаңа басқышты аңлатады. Сыйлықлар, үстемелер, ваучерлер, сапа индекси, дуал билимлендириў ҳәм халықаралық бирге ислесиў — булардың барлығы билимлендириўдиң тийкарғы субъекти болған устазға исеним ҳәм оның жуўапкершилигин арттырыў қуралы болып есапланады. Устазды қәдирлеў бир кәсип ийесин емес, пүткил бир миллеттиң келешегин қәдирлеў болып табылады. Бул сөзлерди әмелий жумыслар менен тастыйықлаў ҳәр биримиздиң илимий, кәсиплик ҳәм инсаныйлық миннетимиз.

Раҳимбой ЖУМАНИЁЗОВ,

педагогика илимлериниң докторы, профессор