Американың “Pew Research Center” аналитикалық орайының изертлеўлерине бола, үй хожалықларының автомобильге ийе болған үлеси бойынша Италия жетекши болды: ол жерде бул көрсеткиш 89 процентке жетеди. АҚШ оннан бираз артта — 88%.
Сораўда қатнасқан Европа Аўқамының жети мәмлекети арасында автомобильге ийелик етиўдиң медианасы 79 процентти қурайды. Азиядағы раўажланған экономикалар да жоқары нәтийжелерди көрсетпекте: Қубла Кореяда халықтың 83 процентинде, Японияда болса 81 процентинде автомобиль бар.
Автомобильлердиң үлеси ең жоқары мәмлекетлер:
1. Италия — 89%. Рейтингте жетекшилик етеди. Автомобильлестириўдиң жоқары дәрежеси мәмлекеттиң әйемги автомобиль дәстүрлерин ҳәм жеке транспорттың күнделикли турмыстағы әҳмийетли ролин сәўлелендиреди.
2. АҚШ — 88%. Үлкен аралықлар ҳәм автомобильлер ҳәрекетине бағдарланған инфраструктура жеке меншик транспорттың кең тарқалыўына хызмет етпекте.
3. Германия — 85%. Автомобиль санааты раўажланған, жоллар тармағы кең болған мәмлекет, бул жерде жеке автомобильде ҳәрекетлениў оғада абырайлы.
4. Франция — 83%. Жоқары көрсеткиш автомобиль жоллары тармағының кеңлиги ҳәм күнделикли турмыстағы әҳмийетли орны менен түсиндириледи.
5. Қубла Корея — 83%. Жеке меншик автомобильлердиң кеңнен тарқалыўы мәмлекеттиң жедел экономикалық раўажланыўы ҳәм халықтың мобилликке болған жоқары талабын сәўлелендиреди.
6. Малайзия — 82%. Жәмийетлик транспорттың арзанлығына қарамастан, жеке меншик автомобильлер халыққа қолайлы транспорт қуралы болып қалмақта.
7. Япония — 81%. Автомобильлестириўдиң жоқары дәрежеси раўажланған автомобиль санааты, сондай-ақ, жеке транспортқа болған талап, әсиресе, аўыллық жерлерде қоллап-қуўатланбақта.
Жетекши онлықты Ливан (Япония менен бирдей көрсеткишке ийе), Испания (79 процент) ҳәм Греция (76 процент) жуўмақламақта, деп жазбақта “naked-science.ru”.