2026-жылдың январь-май айларында Өзбекстанның Орайлық Азия мәмлекетлери
менен сыртқы саўда көлеми 3,5 миллиард долларға (2025-жылдың усы дәўирине
салыстырғанда +27,5 процент) жетип, улыўма сыртқы саўда көлеминиң 10,8
процентин қурады.
Соның менен бирге, Өзбекстанның Орайлық Азия мәмлекетлерине экспорты 1,3
миллиард доллар (+30,8 процент), импорты болса 2,2 миллиард долларды (+25,7
процент) қурады.
Орайлық Азия мәмлекетлери кесиминде Өзбекстанның сыртқы саўда
көрсеткишлери:
- Қазақстан менен товар алмасыў $2,3 млрд. (+26,4%), соннан экспорт -
$573,7 млн., импорт - $1,7 млрд.
- Қырғызстан
менен товар алмасыў 43,9 процентке артып, 469 миллион долларды қурады, соннан экспорт
- 341,9 миллион доллар, импорт - 127,1 миллион доллар.
- Түркменстан
менен товар алмасыў $427,9 млн. (+9,3%), экспорт - $77,8 млн., импорт - $350,1
млн.
- Тәжикстан менен
товар алмасыў 42,1 процентке артып, 375,8 миллион долларды, экспорт 293,6
миллион долларды, импорт 82,2 миллион долларды қурады.
Өзбекстанның
Орайлық Азия мәмлекетлери менен товар алмасыўындағы ең үлкен үлес Қазақстанға -
64 %, қалған үлеси Қырғызстан - 13 %, Түркменстан - 12 % ҳәм Тәжикстан - 11 % ке
туўра келеди.