Тийкарғы итибар заманагөй қурғақ суўытыў системаларынан пайдаланған ҳалда объектти буннан былай да жойбарластырыў мәселелерине, сондай-ақ, өндиристи локализациялаў дәрежесин сезилерли дәрежеде арттырыў имканиятларына қаратылды.

Сөйлесиў қатнасыўшылары комплектлеўши бөлеклерди тиккелей Өзбекстан аймағында ислеп шығарыўды шөлкемлестириў перспективаларын көрип шықты ҳәм жойбар бойынша шәртнама сөйлесиўлериниң жуўмақлаўшы басқышына, кейин ала оны әмелге асырыўға өтиў мәселелерин додалады.

Атап өтилгениндей, қурғақ суўытыў системаларының енгизилиўи суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша мәмлекетлик сиясатқа сәйкес келеди ҳәм республикамыздың климат ҳәм экологиялық шараятларына максимал дәрежеде бейимлескен заманагөй технологиялық шешимлерди қолланыўды нәзерде тутады.

“MVM EGI Zrt.” бас директоры Петер Карпати "Өзатом" агентлиги менен бирге ислесиў конструктивлик характерге ийе екенин атап өтип, компания Өзбекстан атом энергетикасының турақлы раўажланыўына хызмет ететуғын заманагөй технологияларды енгизиўде буннан былай да бирге ислесиўге таяр екенин тастыйықлады.

Ушырасыў жуўмағында "Өзатом" агентлиги ҳәм “MVM EGI Zrt.” компаниясы конструктивлик бирге ислесиўди даўам еттириў ҳәм ерисилген келисимлерди әмелге асырыўдан өз-ара мәпдар екенин тастыйықлады.

Венгрия делегациясының сапары даўам етпекте. Еки күнлик бағдарлама шеңберинде қурғақ суўытыў системаларының техникалық параметрлерин толық ислеп шығыў ҳәм жойбарды әмелге асырыўдың әмелий басқышына өтиў ушын зәрүр болған инженерлик-техникалық шешимлер комплексин додалаўға бағышланған бир қатар жумысшы ушырасыўлар өткерилиўи режелестирилген.

Мағлыўмат ушын: "Өзатом" агентлиги ҳәм “MVM EGI Zrt.” арасындағы бирге ислесиў өз-ара түсинисиў меморандумы тийкарында әмелге асырылып, қурғақ суўытыў технологияларын енгизиў, өндиристи локализациялаўды раўажландырыў, маман қәнигелерди таярлаў ҳәм Өзбекстанның климат өзгешеликлерин есапқа алған ҳалда үлкен ҳәм киши қуўатлықтағы атом электр станциялары ушын заманагөй технологиялық шешимлерди қолланыўды нәзерде тутады.