Тәртипке бола, халық турақ жайларын энергия аудитинен өткериў қәрежетлери ушын 100 процент субсидия бериледи. Сондай-ақ, ыссылық насосларын сатып алыў ҳәм орнатыў қәрежетлериниң 40 процентке шекемги бөлеги мәмлекет тәрепинен қапланады. Қарақалпақстанда бул бағдардағы әмелий жумыслар жедел ҳәм избе-из даўам етпекте.

- Социаллық жәрдем жойбары Энергетика министрлиги, Қарақалпақстан Жоқарғы Кеңеси ҳәм “ACWA” компаниясы менен биргеликте әмелге асырылмақта, — дейди “ACWA” компаниясының мәмлекетлик уйымлар менен ислесиў бойынша координаторы Алибек Камалов. - 2024-жылы басланған жойбар тийкарында аймақтағы 810 шаңараққа қуяш панельлерин орнатып бердик. Балалар бақшасы, мектеп, емлеўхана сыяқлы 101 социаллық объектте қуяш станциялары бийпул орнатылды. Узақ мүддет электр энергиясы жетиспейтуғын аўылларда 200 киловаттлы 16 қуяш станциясын қурдық. Ҳәзир жойбардың гезектеги басқышын басладық. Оның шеңберинде алыс мәҳәллелерде 200 киловаттлы 10 фотоэлектр станциясын қурыў, 783 шаңарақты 2 киловаттлы қуяш панельлери менен тәмийинлеў режелестирилген.

Нөкис районындағы "Дийқан арна" мәкан пуқаралар жыйынында да усы жойбар шеңберинде бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, социаллық реестрге киргизилген шаңарақларға белгиленген тәртипте бийпул қуяш панельлери орнатылмақта.

- “ACWA” компаниясы мектебимизге 10 киловаттлы қуяш панелин орнатып берди, — дейди Нөкис районындағы 31-улыўма билим бериў мектебиниң директоры Бекполат Тилепбаев. - Класслардағы компьютер, электрон доскалардың жумысы тиккелей энергия турақлылығына байланыслы. Қуяш панели мектеп энергия тәмийнаты ушын жүдә жақсы шешим болды. Мәселен, артықша энергия мәмлекетке сатылып, оннан түскен пул мектебимиздиң раўажланыўы ушын мақсетли жумсалады.

Нөкис районындағы “Biogumus” фермер хожалығы помидор жетистириў ҳәм оны экспорт етиў менен шуғылланады. Өним жетистириў ҳәм өндирис процесинде экологиялық таза энергиядан пайдаланыў мақсетинде хожалыққа 400 киловатт қуўатлылықтағы қуяш электр станциясы орнатып берилди.

- Тоғыз жылдан берли помидор егип, органикалық усылда кептирип, тәбийғый ҳалда экспорт етип келмектемиз. Қосымша қунды арттырыў мақсетинде ҳәзир консерва заводын қурдық. Заводтың электр энергиясы мәселесин “ACWA” компаниясы менен биргеликте шештик, — дейди исбилермен Шерзод Ниёзимбетов. - Мақсетимиз - келешекте қосымша қунды арттырыў ҳәм өнимниң өзине түсер баҳасын түсириў. Ислеп шығарылып атырған электр энергиясы толық заводты иске қосыў ушын жетеди. Жәҳән базарында өз орнымызды беккемлеп, және де көбирек жумыс орынларын жаратыўды мақсет еткенбиз.

Сондай-ақ, бул аймақта 20 шаңараққа қосымша 5 киловаттлы жәми 100 киловаттлы қуяш панельлери орнатып берилди. Районлық медицина бирлеспеси де қуяш электр станциясы менен тәмийинленди.

- Нөкис районы медицина бирлеспесине 20 киловаттлы қуяш панели усы жылдың июль айында қурып берилди. Ҳәзир альтернатив энергия, тийкарынан, туўыў бөлимине жалғанған. Ҳәр қандай шараятта да электрде үзилислер болмайды, — дейди Нөкис районы медицина бирлеспеси баслығының орынбасары Сейтмурат Жақсымов.

Қарақалпақстанның тәбийғый климат шараятынан нәтийжели пайдаланылып, қайта тиклениўши энергия дәреклери раўажландырылмақта. Мәселен, Қараөзек, Беруний ҳәм Қоңырат районларында самал электр станцияларының қурылысы белгиленген. Бул арқалы халық ҳәм экономика тармақлары арзан ҳәм исенимли электр энергиясы менен тәмийинленеди.

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы