Сөйлесиўлер 15-17-сентябрь күнлери “Airitom Free Zone” аймағындағы "Термиз халықаралық саўда орайы"нда "Өзбекстан - Аўғанстан жеңил санааты" халықаралық көргизбеси шеңберинде болып өтти. Өзбекстанның 10 нан аслам кәрханасы, соның ишинде, «STEP BY STEP», «RAVON TARAQQIYOT ORZUSI», «UZSHOES», «DENOV RAVNOQ KAMOLI» ҳәм басқа да компаниялар өз өнимлерин усынды.

Аўғанстанлы қарыйдарлар менен аяқ кийим, былғары-галантерея ҳәм басқа да былғары өнимлерин жеткерип бериў, буйыртпалар көлеми, ассортименти ҳәм логистика мәселелери додаланды. Нәтийжеде жергиликли ислеп шығарыўшылар потенциаллы қарыйдарлар менен тиккелей исбилерменлик байланысларын орнатқан.

Ҳәзирги ўақытта тәреплер ерисилген келисимлерди әмелге асырыў бойынша жумыс алып бармақта. Өзбекстан кәрханалары аўғанстанлы шериклер менен буйыртпаларды анықластырыў ҳәм жаңа шәртнамалар дүзиў бойынша сөйлесиўлерди даўам еттирмекте.

Термиз қаласында өткерилген үш күнлик бизнес-сөйлесиў Өзбекстан былғары-аяқ кийим өнимлериниң Аўғанстан базарына экспортын кеңейтиў бағдарындағы гезектеги қәдем болды.