Ушырасыўда Өзбекстан пуқараларын Беларусь, соның ишинде, Витебск ўәлаятында шөлкемлескен түрде жумысқа жайластырыў мәселелери додаланды.

Аймақтағы жумыс бериўшилер 800 ге шамалас жумысшыға мүтәжлик бар екенлигин мәлим еткен. Әндижан ўәлаятынан усынылған талабанлардың ҳүжжетлери тексерилип, 204 адамнан ибарат дизим қәлиплестирилди. Келешекте таңлаўға Өзбекстанның басқа да аймақларынан талабанларды тартыў режелестирилген.

Усыныс етилип атырған жумыс орынлары шарўашылық, тракторшылық, айдаўшылық ҳәм жәрдемши жумыслар менен байланыслы.

Дәслепки басқышта қәнигелер талабанлардың ҳүжжетлери ҳәм кәсиплик көнликпелерин тексереди. Жуўмақлаўшы таңлаў Беларусьтағы жумыс бериўшилер менен онлайн сәўбетлесиў тийкарында өткериледи.

Буннан тысқары, тәреплер пуқаралардың жумыс орнына жетип барыў қәрежетлерин жумыс бериўшилер тәрепинен алдыннан қаплап бериў имканиятын көрип шығыўды усыныс етти.