Ушырасыўда Өзбекстан менен Франция арасындағы стратегиялық шерикликти
буннан былай да беккемлеў, энергетика тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм
перспективалы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.
Тәреплер Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Францияға
мәмлекетлик сапары ҳәм еки мәмлекет басшылары арасындағы исенимли сөйлесиў
Өзбекстан-Франция бирге ислесиўин сапа жағынан жаңа басқышқа алып шыққанын атап
өтти.
Сондай-ақ,
Президент Администрациясы басшысы Саида Мирзиёеваның жақында Францияға сапары
ҳәм Франция Президенти Эммануел Макрон менен ушырасыўы еки мәмлекет арасындағы
әмелий бирге ислесиўди және де жеделлестириў, исбилермен топарлар арасындағы
байланысларды беккемлеў ҳәм жаңа инвестициялық жойбарларды алға қойыўға хызмет
еткени атап өтилди. Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер экономиканың түрли
тармақларында, атап айтқанда, энергетика тараўында шерикликти избе-из кеңейтиў
ушын беккем тийкар жаратып атырғаны атап өтилди.
Бүгинги күнде
Франция Өзбекстанның энергетика тараўындағы әҳмийетли шериклеринен бири.
Ҳәзирги ўақытта Франция компанияларының қатнасыўында улыўма баҳасы 2 миллиард
долларлық 3 ири жойбар әмелге асырылмақта. Сондай-ақ, улыўма баҳасы 1,8
миллиард АҚШ доллары болған және 6 перспективалы жойбар бойынша жумыслар даўам
етпекте. Нәтийжеде еки мәмлекет арасындағы биргеликтеги энергетика
басламаларының портфели 4 миллиард АҚШ долларынан артты.
Ушырасыўда “EDF”
компаниясы менен нәтийжели бирге ислесиў айрықша атап өтилди. Атап айтқанда,
Сырдәрья ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында улыўма қуўатлылығы 3,1 ГВт дан аслам
болған заманагөй пуў-газ электр станцияларын қурыў жойбарлары әмелге
асырылмақта. Бул жойбарлар энергетика қәўипсизлигин беккемлеў, электр
энергиясын ислеп шығарыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм тутыныўшыларды турақлы
электр энергиясы менен тәмийинлеўге хызмет етеди.
Сондай-ақ, “TotalEnergies”
ҳәм “Voltalia” компанияларының Өзбекстанда қайта тиклениўши энергетиканы
раўажландырыўға қосып атырған үлеси жоқары баҳаланды. Олар қуяш ҳәм самал
электр станциялары, энергияны сақлаў системаларын қурыў жойбарларында белсене
қатнасып, мәмлекетимиздиң "жасыл" энергетиканы раўажландырыў бойынша
стратегиялық мақсетлерине ерисиўде исенимли шерик болып келмекте.
Ушырасыў
шеңберинде Францияның энергетика ҳәм санаат тараўларында жумыс алып барып
атырған бир қатар компаниялары өз презентацияларын Заманагөй технологиялар,
инновациялық шешимлер, инвестициялық имканиятлар, Өзбекстанда жаңа жойбарларды
әмелге асырыў бойынша усыныслар көрсетилди. Тәреплер билдирилген басламаларды
әмелий жақтан ислеп шығыў ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да
кеңейтиў мәселелери бойынша пикир алысты.
Сөйлесиўлер
ўақтында заманагөй энергетика инфраструктурасын раўажландырыў, жаңа генерация
қуўатлықларын, магистраль электр тармақлары ҳәм энергияны сақлаў системаларын
қурыў, санаат ҳәм газ транспорты инфраструктурасын раўажландырыў, энергия
нәтийжелилигин арттырыў, санлы технологияларды енгизиў, инженерлик, кадрлар
таярлаў ҳәм алдынғы тәжирийбе алмасыў тараўларындағы бирге ислесиўди
тереңлестириў перспективалары додаланды.
Ушырасыў
жуўмағында тәреплер Өзбекстан ҳәм Франция арасында энергетика тараўындағы бирге
ислесиў потенциалы ҳәзирги ўақытта ерисилген нәтийжелерден әдеўир кең екенин
атап өтип, инвестициялық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, заманагөй
технологияларды тартыў ҳәм жаңа қоспа жойбарларды әмелге асырыўға таяр екенин
билдирди.