БРИКС мәмлекетлериниң Атом энергиясы платформасы, Атом энергиясы бойынша халықаралық агентлик (МАГАТЭ) ҳәм Жәҳән ядро ассоциациясының жәрдеминде шөлкемлестирилген илажда мәмлекетлик структуралар, халықаралық шөлкемлер, атом тараўының жетекши компаниялары ҳәм жаслар жәмийетшилигиниң ўәкиллери қатнасты.

Форумда Өзбекстан атынан миллий атом санааты басшылары, сондай-ақ, "Impact Теам 2050" халықаралық жаслар басламасы қатнасыўшылары қатнасты.

13-ноябрь күни "Адамлар ҳәм планета ушын атом энергетикасы" темасында жалпы мәжилис болып өтти. Онда "Өзатом" агентлигиниң директоры Азим Ахмедхаджаев, Жәҳән ядро ассоциациясының бас директоры Сама Бильбао-и-Леон, Қазақстан Республикасы Атом энергиясы агентлигиниң баслығы Алмасадам Саткалиев, БРИКС атом энергиясы платформасының бас координаторы Элзи Пуле ҳәм басқа да тараў ўәкиллери қатнасты.

Қатнасыўшылар атом энергетикасын раўажландырыў перспективалары, оның электр энергиясына өсип баратырған талапты қанаатландырыўдағы әҳмийети, климатқа байланыслы мақсетлерге ерисиў ҳәм энергетикалық қәўипсизликти беккемлеў мәселелерин додалады. Миллий атом жойбарларын әмелге асырыў ҳәм халықаралық бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстан ушын бул күн тәртиби мәмлекетимизде биринши интеграцияласқан атом электр станциясын (АЭС) қурыў жойбарының әмелге асырылыўы мүнәсибети менен айрықша әҳмийетке ийе.

Атом энергетикасын раўажландырыў мәмлекеттиң стратегиялық әҳмийетли бағдарларынан бири болып есапланады. Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен басланған "жасыл" экономикаға өтиў бағдарламасы шеңберинде тыныш атом энергия қәўипсизлигин беккемлеў, санаатты раўажландырыў ҳәм Өзбекстанның Климат бойынша Париж келисиминдеги миннетлемелерин орынлаўға хызмет ететуғын төмен углеродлы генерация дәреклеринен бири сыпатында қаралмақта.