Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы көп тәреплеме стратегиялық қатнасықларды раўажландырыў перспективалары, еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеўде әҳмийетли орын ийелейтуғын парламентлераралық байланысларды жеделлестириў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Мәмлекетлераралық қатнасықлар бүгинги күнде еки мәмлекет басшыларының өз-ара исеними, ашықтан-ашық сөйлесиўи ҳәм беккем сиясий ерк-ықрары тийкарында стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық руўхында избе-из раўажланып атырғаны атап өтилди.

Елши кейинги жылларда Өзбекстан ҳәм Россия парламентлери арасындағы бирге ислесиў жаңа мазмун менен байығанын, өз-ара сапарлар, биргеликтеги илажлар ҳәм турақлы сөйлесиўлер әмелий бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет етип атырғанын атап өтти.

Сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық бирге ислесиў, атом энергетикасы, мәдений-гуманитарлық, билимлендириў ҳәм парламентлераралық тараўларда әмелге асырылып атырған биргеликтеги баслама ҳәм жойбарлар еллеримиз арасындағы қатнасықларды сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етип атырғаны атап өтилди. Әсиресе, аймақлараралық шериклик шеңберинде әмелге асырылып атырған биргеликтеги жойбарлар экономикалық белсендиликти арттырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыўға мүнәсип үлес қоспақта.

Сөйлесиў жуўмағында тәреплер Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, соның ишинде, парламентлераралық ҳәм аймақлараралық байланысларды кеңейтиў бойынша тығыз ҳәм нәтийжели бирге ислесиўди избе-из даўам еттириўге таяр екенлигин билдирди.