Сөйлесиў Шэньчжэн қаласындағы Халықаралық алмасыўлар орайында, Азия-Тыныш океаны экономикалық бирге ислесиўи (APEC) саммитиниң тийкарғы майданында болып өтти. Ол шама менен 48 минут даўам етти.

Ушырасыўда Россия сыртқы ислер министри Сергей Лавров, Президент жәрдемшиси Юрий Ушаков, қаржы министри Антон Силуанов ҳәм Россия тиккелей инвестиция фондының бас директоры Кирилл Дмитриев қатнасты, деп хабар берди “ria.ru”.

Россия, Қытай ҳәм АҚШ басшыларының биринши ушырасыўы пийшемби күни кеширек болып өтиўи режелестирилген. Ол узақ өмир ҳәм абаданлық тымсалы болған "Қытайдың бир шақлы аты" ҳүрметине "Цилинь Шаньчжуан" деп аталған мәмлекетлик мийманханада болып өтеди.

Азия-Тыныш океаны экономикалық бирге ислесиўи (APEC) саммити 18-19-ноябрь күнлери Қытайдың Шенчжен қаласында болып өтпекте. “APEC” қурамына Азия-Тыныш океаны регионындағы 21 мәмлекет, соның ишинде, Россияны да қосады.