Биргеликтеги Экономика ҳәм саўда комитетин шөлкемлестириў ҳаққындағы меморандумға қол қойылыўы оның тийкарғы нәтийжеси болды. Ерисилген келисимлерди әмелге асырыў ушын 2026-2028-жылларға мөлшерленген "Жол картасы"н ислеп шығыў нәзерде тутылған.

Буннан тысқары, Өзбекстан - Сирия исбилерменлер кеңесин рәсмий жолға қойыў басламасы алға қойылды. Жаңа басламаларды әмелий додалаў еки мәмлекет исбилерменлериниң қатнасыўындағы бизнес-форум шеңберинде даўам еттириледи.