Кеңес экономиканың 23 тармағындағы 45 халықаралық компанияны бирлестиреди. Ноябрь айында оған “ITOCHU Corporation” ҳәм “Deutsche Bank” қосылды.
Мәмлекетимиз басшысының басшылығында июнь айында өткерилген мәжилис жуўмақлары бойынша қәлиплестирилген "жол картасы"ның орынланыўы ҳәм 11 уйымлараралық топарлардың жумысы көрип шығылды.
Сөйлесиўдиң орайында инвестиция ҳәм салық нызамшылығының турақлылығы, жерден пайдаланыў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик, энергия тәмийнаты ҳәм бизнестиң қаржыландырыўға мүмкиншилиги бар. Ислам қаржыландырыўын раўажландырыў, шығындыларды қайта ислеў ҳәм сырт ел қәнигелерин тартыў тәртибин әпиўайыластырыў бойынша усыныслар додаланды.
Оның жуўмағы бойынша Кеңестиң протоколына қол қойылды. Инвесторлардың усыныслары тийисли уйымлар менен ислеп шығылады ҳәм Кеңестиң 2027-жылға мөлшерленген тийкарғы бағдарларын белгилеўде инабатқа алынады.