Тәреплер саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди және де кеңейтиў перспективаларын, жаңа қоспа жойбарларды әмелге асырыў имканиятларын додалады.
Фармацевтика ҳәм санаат, эенергетика, геология ҳәм таў-кән санааты, азық-аўқат санаатындағы бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды.
Сөйлесиўлер ўақтында Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў бойынша Өзбекстан - Швейцария ҳүкиметлераралық комиссиясының гезектеги мәжилисине таярлық мәселелери де додаланды.
Буннан тысқары, тәреплер Өзбекстанда "Швейцария күнлери"н өткериў мәселелерин көрип шықты.
Ушырасыў жуўмағында Лазиз Қудратов ҳәм Симон Гигер Өзбекстан - Швейцария экономикалық шериклигин беккемлеўди даўам еттириў ҳәм белгиленген бағдарларда әмелий бирге ислесиўди раўажландырыўға таяр екенин тастыйықлады.