Бағдарлама Global
Green Growth Institute (GGGI) менен биргеликте әмелге асырылмақта
ҳәм мәмлекетте таза водород базарын қәлиплестириў ушын зәрүр болған
институционаллық ҳәм технологиялық тийкарларды үйрениўге қаратылған.
Бағдарлама шеңберинде водород энергетикасын раўажландырыўдың
нормативлик-ҳуқықый базасын таллаў, заманагөй технологиялар менен танысыў,
сондай-ақ, оларды санаатта қолланыў имканиятларын баҳалаўға айрықша итибар
қаратылмақта.
Дүня әмелиятында "жасыл" водород, әдетте, қайта
тиклениўши энергия дәреклерине тийкарланған электролиз технологияларынан пайдаланған
ҳалда ислеп шығарылмақта. Ушырасыўлар даўамында энергетика системасында
водородты ислеп шығарыў, сақлаў ҳәм оннан пайдаланыў бойынша Корея
Республикасының тәжирийбеси таныстырылды, алдыңғы технологияларды енгизиў ҳәм
қәнигелер арасында тәжирийбе алмасыў перспективалары додаланды.
Водород энергетикасы төмен углеродлы экономикаға өтиў ҳәм
санаатты декарбонизациялаўдың әҳмийетли факторларынан бири сыпатында баҳаланып
атырғаны атап өтилди.
Өзбекстанда қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў
бойынша әмелге асырылып атырған жойбарлар келешекте водород технологияларын
енгизиў имканиятларын сезилерли дәрежеде кеңейтиўи мүмкин.
Ушырасыўларда бул бағдардағы бирге ислесиўди және де
раўажландырыў ҳәм биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў бағдарлары да көрип
шығылды.