Илажларда Монреал протоколының тәреп-мәмлекетлери, халықаралық шөлкемлер, қәнигелескен мәкемелердиң ўәкиллери ҳәм озон қатламын қорғаў, озон бузғыншы элементлерди тәртипке салыў ҳәм Кигали дүзетиўи шеңберинде гидрофторуглеродларды басқышпа-басқыш қысқартыў тараўындағы экспертлер қатнаспақта.

Өзбекстанның бул илажларда қатнасыўы мәмлекеттиң қоршаған орталықты қорғаў, озон қатламын қорғаў ҳәм климат өзгериўине қарсы гүресиў тараўындағы халықаралық миннетлемелерге садықлығын көрсетеди. Сессия даўамында Монреал протоколын әмелге асырыўдың әҳмийетли мәселелери, мәмлекетлер арасында тәжирийбе алмасыў, миллий потенциалды беккемлеў, есабатларды жетилистириў, халықаралық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелери додаланбақта.

Өзбекстан Республикасы озон қатламын қорғаў ҳәм экономиканың тийисли тармақларында экологиялық қәўипсиз көзқарасларды енгизиў бойынша глобал ҳәрекетлерди избе-из қоллап-қуўатлап келмекте. Халықаралық миннетлемелерди орынлаў, институционаллық потенциалды раўажландырыў, хабардарлықты арттырыў ҳәм халықаралық шериклер менен бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта.

Миллий делегацияның бул илажларда қатнасыўы Өзбекстанның халықаралық экологиялық процесслердеги рольин беккемлеўге хызмет етеди, тәжирийбе алмасыў, техникалық жәрдемди тартыў, қоршаған орталық ҳәм климатты қорғаў тараўындағы миллий сиясатты және де жетилистириў ушын қосымша имканиятлар ашады.