Сөйлесиўлер ўақтында Өзбекстан пуқараларын Италияның аграр секторында жумыс ислеўге тартыў бойынша әҳмийетли келисимлерге ерисилди.

Атап айтқанда, Миграция агентлиги ҳәм Италияның «Associazione Imprese Ortofrutticole» шөлкеми арасында бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылды.

Келисимлерге бола, ўатанласларымыз Италияға 3 айдан 9 айға шекемги мүддетке мәўсимлик жумыс ислеў ушын барыўы мүмкин болады.

Мағлыўмат ушын, бул ассоциация мийўе-овош жетистириў тараўында жумыс алып барып атырған Италияның 35 тен аслам ири компанияларын бирлестиреди ҳәм фермерликтен баслап қайта ислеў, логистика ҳәм экспортқа шекем болған толық агросанаат айланысын қамтып алады. Тийкарғы өним түрлери - алма, киви, әнар ҳәм қулпынай.

Ассоциация президенти Марко Сальвиның атап өтиўинше, усы жылдың өзинде пилот жойбар шеңберинде 100 Өзбекстан пуқарасын жумыс пенен тәмийинлеў режелестирилген.