Geo News” телеканалының хабар бериўинше, өрт жергиликли ўақыт пенен саат 6:45 лер шамасында жүз берген. Шамасы, өрттиң келип шығыўына кондиционер компрессорының жарылыўы себеп болған, деп жазады “Anadolu”.

Ҳәкимият ўәкиллериниң мағлыўматларына қарағанда, өрт жүз берген ўақытта бөлимде 16 нәресте болған. Бир баланы қутқарып қалыўға ерисилди, қалған 15 бала қайтыс болды.

Қутқарыў хызметлериниң хабар бериўинше, өрт сапластырылған. Ҳәзирги ўақытта ўақыя орнында конструкцияларды бөлеклеў ҳәм өрт ақыбетлерин сапластырыў жумыслары даўам еттирилмекте.

Ҳәдийсе бойынша округ комиссары орынбасарының басшылығында тергеў комиссиясы дүзилген. Комиссия өрттиң келип шығыў себебин анықлап, ҳәдийсе қалай жүз бергенин анықлаўы керек.