Фестиваль шеңберинде Марғулан қаласындағы "Водий гавҳари" -
"Бурҳониддин Марғиноний" илимий-ағартыўшылық ҳәм туристлик
комплексинде "Атлас байрамы" ҳәм «Made in Uzbekistan» көргизбесиниң салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти. Сондай-ақ,
өнерментлер ярмаркасы, халық сейиллери ҳәм түрли тамашалар, соның ишинде,
аскияшылар ҳәм дәрўазшылардың шығыўлары өткериледи.
Илажлар шеңберинде "Дәстүрий тоқымашылық - креатив индустрияның әҳмийетли
сегменти" темасында халықаралық конференция, дәстүрий тоқымашылық ҳәм
гилем тоқыў бойынша шеберлик сабақлары, инновациялық дизайн бойынша устазлық
бағдарламасы шеңберинде модалар көргизбеси өткерилди.
"Атлас
байрамы" шеңберинде Марғуланда өнерментшилик, этнодизайн ҳәм исбилерменлик
бағдарлары бойынша халықаралық тренинглер де шөлкемлестирилди. Өткерилип
атырған сабақларда халықаралық тренерлер ҳәм тараў қәнигелери қатнаспақта.
Тренинглер
даўамында заманагөй моданы миллий гезлемелер менен үйлестириў, коллекциялар ҳәм
этнобрендлер жаратыў, заманагөй дөретиўшиликте әййемги кестешилик усыллары ҳәм
дәстүрий нағысларды қолланыў, өнерментшилик тараўында исбилерменлик
көнликпелерин раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Марғулан әзелден
атлас ҳәм адрас гезлемелери, жипек ҳәм жипек өнимлери, миллий өнерментшилик ҳәм
тоқыўшылық дәстүрлери менен белгили. Бүгинги күнде қаладағы өнерментшилик
орайларында дәстүрий технологиялар тийкарында миллий гезлемелер ислеп
шығарылып, олардан заманагөй липаслар ҳәм ҳәр қыйлы әмелий көркем өнер буйымлары
жаратылмақта.
Бул бағдарда
"Атлас байрамы"ның әйне Марғулан қаласында өткерилиўи оның
тарийхый-мәдений келбети, бай өнерментшилик потенциалы менен үнлес болып, Марғулан
қаласының халықаралық мәдений ҳәм этнографиялық туризм орайларынан бири сыпатында
және де раўажланыўына хызмет етеди.
Фестиваль күнлери
сырт елли мийманлар ҳәм жергиликли туристлер Марғуландағы дәстүрий тоқымашылық
шеберлик мектеби, миллий гезлемелерди таярлаў процеси, жергиликли
өнерментлердиң дөретиўшилиги, заманагөй дизайн менен дәстүрий мотивлерди
үйлестирген әмелий көркем өнер үлгилери менен жақыннан танысыў имканиятына ийе
болады.
Халықаралық
қатнасыўшылардың Марғуланға сапары өнерментшилик тараўында тәжирийбе ҳәм
дөретиўшилик идеялар алмасыўды жеделлестириўге хызмет етип ғана қоймастан, қала
туристлик потенциалын сырт елли тамашагөйлерге таныстырыў, жаңа мәдений-туризм
өнимлерин алға қойыў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў ушын әҳмийетли
майдан жаратады.