Фестивал қатнасыўшылары еки күн даўамында Хорезмниң бай гастрономиялық
мийрасы, әййемги рецептлери ҳәм дәстүрий миллий тағамлары менен танысыўы
мүмкин. Илаж шеңберинде 20 дан аслам Хорезм миллий тағамлары, сондай-ақ, дүньяның
түрли мәмлекетлериниң 10 ға шамалас миллий тағамлары таярланады.
Фестиваль мийманларына Хорезм тағамлары – мәйек бөрек, көк бөрек, қабақ
бөрек, шивит палаўы, манты, гумма, ийжан, гөшли қуўырма, димлеме, қазан-кабаб, баўыр-кабаб,
тунча-сорпа, мәшаба, пәтир, баўырсақ, қатлама ҳәм басқа да дәстүрий тағамлар
усынылады.
Сондай-ақ,
Түркия, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Әзербайжан, Грузия, Ҳиндстан, Қытай,
Қубла Корея ҳәм Италияның миллий тағамлары да көрсетиледи.
Фестиваль
шеңберинде гастрономиялық таңлаўлар өткерилип, жеңимпазлар баҳалы саўғалар ҳәм
ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланады.
Фестиваль
Хорезмниң миллий гастрономиялық мийрасын кеңнен үгит-нәсиятлаў, аймақтың гастрономиялық
туризм потенциалын көрсетиў, сондай-ақ, түрли халықлардың тағамлары ҳәм мәдений
дәстүрлерин бирлестиретуғын халықаралық майданды жаратыўға қаратылған.