Қарарға муўапық, 2027-жыл 1-январьдан улыўма орта билим бериў
шөлкемлеринде «Juniors
Tennis Initiative» бағдарламасы
енгизиледи. Онда, бағдарлама шеңберинде:
1-4-класс оқыўшылары ушын денетәрбия сабақларында тенниске қызығыўшылықты
қәлиплестириў бойынша танысыў сабақлары шөлкемлестириледи;
оқыўшылардың қызығыўшылығы ҳәм спорт инфраструктурасының бар екенлигин
есапқа алған ҳалда, теннис раўажландырылатуғын улыўма орта билимлендириў
мәкемелери таңлап алынады;
таңлап алынған улыўма орта билимлендириў шөлкемлеринде Өзбекстан теннис
федерациясының қаржылары есабынан теннис бойынша спорт секциялары шөлкемлестириледи,
олардың материаллық-техникалық базасы жақсыланады ҳәм спорт инвентарьлары,
соның ишинде, «tennis
wall» тренажёрлары менен тәмийинленеди;
сабақлар таңлап
алынған улыўма орта билимлендириў шөлкеми жайласқан аймақтағы спорт мектебинен
тартылған тренерлер тәрепинен өткериледи.
Қарар менен
2023-жыл 7-апрельдеги ПҚ-114-санлы қарарға 7-қосымшаның 9 ҳәм 10-санлы бәнтлеринде
көрсетилген муғдарларға төмендеги өзгерислер киргизилди:
Азия ҳәм Паразия
ойынларының жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери төмендеги муғдарларда бир
мәртелик ақшалай сыйлық пенен хошаметленеди:
алтын медаль ушын
- 25 000 АҚШ доллары;
гүмис медаль ушын
- 12 500 АҚШ доллары;
қола медалы ушын
- 6 250 АҚШ доллары.
Азия ҳәм Параазия
ойынларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған спортшыларды таярлаған
тренерлер төмендеги муғдарларда бир мәртелик ақшалай сыйлық пенен
хошаметленеди:
алтын медаль ушын
- 10 000 АҚШ доллары;
гүмис медаль ушын
- 5 000 АҚШ доллары;
қола медалы ушын
- 2 500 АҚШ доллары.