Департаментте анықлаўынша, вирус анықланғаны ҳаққындағы мағлыўмат
исенимли. Жаңа коронавирус “One
Health” концепциясы тийкарында жабайы
ҳайўанлар арасындағы кеселликлерди мониторинг етиў системасы шеңберинде
анықланған болып, бул система инсанлар, ҳайўанлар ҳәм қоршаған орталық ушын
қәўип-қәтерлерди биргеликте қадағалаўды нәзерде тутады.
Рәсмийлердиң мағлыўматларына қарағанда, ҳәзирги ўақытта адамлар арасында
инфекция жуқтырыў жағдайлары дизимге алынбаған, деп жазады rbc.ru.
Сондай-ақ, дәслепки изертлеўлер жаңа вирустың
тарқалыў имканиятының төмен екенлигин ҳәм кеселликтиң COVID-19 ға салыстырғанда
жеңил өтиўин көрсетип атырғаны атап өтилген.
Ҳүкиметтиң атап өтиўинше, COVID-19 ға қарсы бар
вакциналар жаңа штаммнан да белгили дәрежеде қорғаўды тәмийинлеўи мүмкин,
тарқалыў қәўпи болса аз деп баҳаланбақта.
Бул хабарлар фонында халықаралық санитариялық
хызметлердиң итибары MV Hondius круиз кемесинде хантавирус тарқалыўына да
қаратылған. Қубла Америка жағалықларындағы пәрўаздан кейин бир неше жолаўшы
наўқасланған, олардың бир бөлеги эвакуация етилген. Ҳәзирги ўақытта Франция ҳәм
АҚШта жуқтырыў жағдайлары анықланған, бир қатар мәмлекетлерде байланыста болған
шахсларды бақлаў даўам етпекте.