Илимпаз өзиниң белгили "Медицина нызамлары" шығармасында тең салмақлы аўқатланыў, физикалық ҳәрекет етиў, гигиенаға әмел етиў, мийнет ҳәм дем алысты дурыс алмаслап турыў, руўхый теңсалмақлылықты сақлаў мәселелерин ҳәр тәреплеме ашып берген. Ал, энциклопедист Абу Райхан Берунийдиң илимий мийрасында организмниң жағдайы, қоршаған орталық шараяты ҳәм жасаў тәризи арасындағы байланысты түсиниўге умтылыў сезиледи. Денсаўлықты сақлаў ҳәм белсенди узақ өмир сүриўге саналы қатнаста болыўға жәрдем беретуғын билим ҳәм ағартыўшылық философияда айрықша орын ийелеген.
Арадан неше әсирлер өткен болса да, уллы бабаларымыздың идеялары елеге шекем өз әҳмийетин жоғалтқан жоқ. XXI әсир медицинасы профилактиканың әҳмийетин тастыйықлайды ҳәм адамларды саламатлыққа итибарлы болыўға, қәўип факторларын өз ўақтында анықлаўға, саламат әдетлерди қәлиплестириўге, тез жәрдем сораўға шақырады. Булардың барлығы биргеликте медициналық саўатлылық деп аталады ҳәм инсанның денсаўлығы ҳаққында исенимли мағлыўматларды табыў, оларды дурыс түсиниў ҳәм әмелиятта қолланыў қәбилетин аңлатады. Медицина тараўында саўатлы адам тийкарғы қәўип факторларын биледи, иммунизация ҳәм профилактикалық илажлардың әҳмийетин түсинеди, қан басымы, қандағы глюкоза ҳәм холестерин көрсеткишлерин бақлайды, созылмалы кеселлик болса, емлеўши шыпакердиң усынысларына қатаң әмел етеди. Мәселен, өз саламатлығына жуўапкершилик пенен қараў шаңарақ ағзаларының, соның менен бирге, пүткил жәмийеттиң абаданлығына да тийисли.
Дәрилер ҳәм БАҚ
Интернеттеги материаллар, тийисли қәнигеликке ийе болмаған адамлардың усыныслары, универсал емлеў қәсийетине ийе деп баҳаланатуғын дәри-дәрмақлардың рекламасы тәсиринде пуқаралар илимий тийкарға ийе болмаған қарарлар қабыл етиўи мүмкин. Нәтийжеде ўақтынша диагноз қойыў ҳәм емлеў имканиятын қолдан шығарыў қәўпи бар. Соның ушын заманагөй мәлимлеме мәканында исенимли медициналық мағлыўматларды гүманлы пикирлерден ажырата билиў өз саламатлығына жуўапкершиликли қатнаста болыўдың ажыралмас бөлегине айланбақта.
Базарда кеңнен усынылған ҳәм иммунитетти беккемлеў, денсаўлықты жақсылаў ҳәм денсаўлыққа байланыслы ҳәр қыйлы (айырым ўақытлары оғада аўыр) машқалаларды шешиў ушын көбинесе реклама етилетуғын биологиялық актив қосымшалар (БАҚ)дан пайдаланыў айрықша итибарға ылайық. Бунда төмендегилерди түсинип алыў керек: биологиялық актив қосымшалар ҳәм дәри-дәрмақлар белгиленген мақсети ҳәм басқарыў тәртиби бойынша да, нәтийжелиликти тастыйықлаў талаплары бойынша да бир-биринен парық қылады.
Дәри-дәрмақлар кеселликлерди емлеў, оларға диагноз қойыў ямаса олардың алдын алыў ушын мөлшерленген болып, нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған сапа, қәўипсизлик ҳәм нәтийжелиликти баҳалаў тәртип-қағыйдаларынан өтеди. Оларды таярлаў ҳәм ислеп шығарыўда белгиленген стандартлар қолланылады, дәрилик тәсириниң дәлийллери дәрилик затқа қойылатуғын талапларға сәйкес келиўи керек. БАҚлар болса, тийкарынан, зәрүрлик пайда болғанда рационды белгили бир азықлық затлар, мәселен, витамин ҳәм минераллар менен толықтырыў ушын мөлшерленген. Оларды дизимнен өткериў, қадағалаў ҳәм нәтийжелилигин тастыйықлаў талаплары мәмлекет ҳәм өним категориясына қарап дәри қуралларына қойылатуғын талаплардан өзгеше болыўы мүмкин. Қосымшаның дизимге алыныўы ямаса оның қурамында пайдалы затлардың бар екенлиги фактиниң өзи оның кеселликлерди емлеў ямаса олардың раўажланыўының алдын алыў қәбилети дәлилленгенин билдирмейди.
Денсаўлықты витаминлер, минераллар, биологиялық актив қосымшалар жәрдеминде беккемлеўге умтылыў соңғы жылларда тенденцияға айланды. Бундай өнимлердиң кең түрлери, олардың социаллық тармақлардағы рекламасы ҳәм усыныслары дерлик ҳәр бир адамға оларды қосымша қабыл етиў зәрүр екенлигин көрсетеди. Бирақ өз ден саўлығына дурыс мүнәсибетте болыў, сондай-ақ, бундай қураллар қалай, қашан ҳәм қандай дозаларда ҳақыйқатында да керек ҳәм пайдалы екенлигин түсиниўди де нәзерде тутады.
Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң ескертиўинше, БАҚлар дәри емес. Өзбекстан Республикасының "Реклама ҳаққында"ғы Нызамының 35-статьясына муўапық, азық-аўқатқа биологиялық актив қосымшалар ҳәм азық-аўқат қосымшаларының рекламасы олар дәри-дәрмақ қураллары ҳәм (ямаса) емлеў қәсийетлерине ийе екенлиги ҳаққында тәсир қалдырмаўы керек. Азық-аўқатқа биологиялық актив қосымшаларды ҳәм азық-аўқат қосымшаларын реклама етиў бойынша хошаметлеўши акцияларды өткериў нызамшылықта қадаған етиледи.
Бунда белгили бир жағдайларда витамин ҳәм минераллардың қосымша түсиўи ҳақыйқатында да зәрүр болыўы мүмкин. Мысалы, айырым затлардың жетиспеўшилиги тастыйықланған ямаса көплеген факторларға (жас, аўқатланыў характери, ден-саўлықтың улыўма жағдайы ҳәм басқа да индивидуал өзгешеликлер) байланыслы болған айрықша физиологиялық мүтәжликлер бар болғанда. ЖДСШ организмди зәрүрли азықлық затлар менен тәмийинлеўдиң тийкары сыпатында ҳәр қыйлы ҳәм тең салмақлы аўқатланыўдың әҳмийетин атап өтеди.
- Биологиялық актив қосымшаларды қолланыў тараўындағы медициналық саўатлылық инсанның мағлыўматларды сын көзқарастан баҳалаў, өнимниң қурамы ҳәм келип шығыўын тексериў, реклама ўәделерине берилмеў, зәрүр жағдайларда профессионал мәсләҳәт алыў қәбилетинде көринеди, - дейди медицина илимлериниң докторы, профессор Хайрулла Мустафаев. - Қабыллаўды баслаўдан алдын шыпакер менен мәсләҳәтлесиў керек, әсиресе, адам созылмалы кеселликлерге шалынған болса, дәри-дәрмақлар қабыллап атырған болса, хирургиялық операцияны режелестирип атырған болса, ҳәмиледар болса, бала ушын қосымша таңлап атырған болса. Қәниге мүмкин болған пайда, қәўип-қәтер ҳәм басқа қураллар менен өз-ара тәсир етиў итималлығын баҳалаўға жәрдем береди. БАҚлардан саўатлы пайдаланыў организмди қоллап-қуўатлаўдың қосымша қуралларынан ўаз кешиўди аңлатпайды. Бул ҳақыйқый мүтәжликлер ҳәм исенимли мағлыўматлар тийкарында саналы таңлаў болып табылады. Денсаўлыққа жуўапкершиликли мүнәсибет тийкарланған усынысты реклама ўәдесинен ажырата билиўден, модаға емес, ал билимге қарап қарар қабыл етиўден басланады.
Иммунзацияның әҳмийети
Медициналық саўатлылықтың, тек ғана өзиниң емес, ал өзгелердиң денсаўлығына да жуўапкершилик пенен қараўды қәлиплестириўдиң тийкарғы бөлеги кеселликлердиң алдын алыўда шаншыўдың орны ҳәм әҳмийетин түсиниў болып есапланады. Әйне иммунзация организмниң айырым инфекциялардан қорғаныў имканиятына ийе болып, кеселликтиң аўыр өтиўи, асқыныўлары ҳәм өлим жағдайын кемейттиреди. Вакцинация арқалы инсаният қәўипли инфекциялардың тарқалыўын сезилерли дәрежеде қысқартыўға еристи, олардың айырымлары, атап айтқанда, шешек пүткил дүньяда жоқ етилди.
Соңғы 50 жылда вакцинация кеминде 154 млн адамдың өмирин сақлап қалғаны оның халықтың саламатлығы ушын әҳмийетли екенлигин ҳәм ерисилген нәтийжелерди сақлап қалыў зәрүр екенлигин айқын көрсетеди. Интернет ҳәм социаллық тармақларда исенимсиз мағлыўматлар тарқалып атырған бир ўақытта бул мәселе айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Қолайсыз тәсирлер ҳаққындағы әпсаналар, тийкарсыз қәўетерлер ҳәм медициналық тәжирийбеси жоқ адамлардың мәсләҳәтлери ата-аналар ҳәм үлкен жастағылардың шаншыўға байланыслы қарарларына тәсир етиўи мүмкин. Соның ушын илимий тийкарланған мағлыўматларға сүйениў, индивидуал қарсы көрсетпелерди қәнигелер менен додалаў, профилактикалық шаншыўлардың миллий календарына әмел етиў зәрүр.
Өзбекстанда профилактикалық иммунизация халықтың денсаўлығын сақлаў бойынша мәжбүрий илажлар системасына киреди. Вакциналардан пайдаланыў, пуқараларды хабардар етиў ҳәм медицина хызметкерлериниң усынысларына жуўапкершилик пенен қараў жуқпалы кеселликлердиң алдын алыўдың тийкарғы механизмлери болып есапланады. Усыныс етилген вакциналарды өз ўақтында алған ҳәм исенимли мағлыўматлар тийкарында қарар қабыл еткен ҳәр бир инсан тек ғана өз денсаўлығын емлеў емес, ал, өзгелердиң де қәўипсизлигине үлес қосады.
Ҳәмме ушын СТТ
Заманагөй денсаўлықты сақлаў системасы раўажланыўына ҳәр қыйлы факторлар тәсир ететуғын, бирақ олардың тийкарғысы - зыянлы әдетлер ҳәм СТТ (саламат турмыс тәризи) тийкарғы принциплерине әмел етпейтуғын созылмалы жуқпалы болмаған кеселликлердиң алдын алыўға айрықша итибар қаратады.
ЖДСШ тәрепинен Европа денсаўлықты сақлаў системалары ҳәм сиясаты обсерваториясы менен биргеликте таярланған Өзбекстан денсаўлықты сақлаў тараўының 2024-жыл ушын шолыўында да қәўип факторлары қатарында надурыс аўқатланыў, қан басымының көтерилиўи, шегиў ҳәм ҳаўаның патасланыўы атап өтилген. Соның менен бирге, жүрек-қан тамыр кеселликлери елимизде ерлер ҳәм ҳаял-қызлар өлиминиң тийкарғы себеби болып қалмақта. Мағлыўматлар не ушын денсаўлыққа жуўапкершиликли қатнаста болыўды кеселликтиң дәслепки белгилери менен дәри-дәрмақ сатып алыў менен шеклеп қойыўға болмайтуғынын көрсетпекте. Турмыс тәризине итибар қаратыў, усыныс етилген тексериўлерден турақлы түрде өтиў, қәўип факторларын қадағалаў, әсиресе, шаңарақта жүрек-қан тамыр кеселликлери ямаса диабет жағдайлары болған болса.
- Профилактика инсаннан әдеттеги турмыс тәризин бирден өзгертиўди талап етпейди - әпиўайы қәдемлерден баслаў мүмкин: көбирек ҳәрекет етиў, зыянлы азық-аўқатларды аз жеў, дуз пайдаланыўды шеклеў, шегиўден ўаз кешиў, уйқы ҳәм дем алыў тәртибин жолға қойыў, - дейди қәниге. - Жасы, индивидуал қәўип-қәтерлер ҳәм медицина қәнигелериниң усынысларына сәйкес ҳалда қан басымы ҳәм денсаўлықтың басқа да көрсеткишлерин бақлап барыў әҳмийетли. Турақлы тексериўден өтиў тек бир нәрсе аўырғанда ғана керек емес. Айырым кеселликлер узақ ўақыт белгили белгилерсиз өтеди. Соның ушын усынылған скрининг бағдарламалары ҳәм профилактикалық тексериўлерде қатнасыў машқалаларды өз ўақтында араласыў әсиресе нәтийжели болыўы мүмкин болған ўақытта ерте анықлаўға жәрдем береди.
* * *
Денсаўлықты сақлаў мәдениятын қәлиплестириў тек ғана мәмлекет, медицина ҳәм билимлендириў шөлкемлери, ғалаба хабар қураллары, жәмийетлик бирлеспелер, мәҳәллелер ҳәм халықтың өзи биргеликте жумыс алып барған жағдайда ғана мүмкин болады. Медициналық саўатлылықты арттырыў адамларды профилактика мәселелерине саналы қатнаста болыўға, денсаўлық ушын қәўип-қәтерлерди өз ўақтында анықлаўға ҳәм және де тийкарланған қарарлар қабыл етиўге жәрдем береди. Ақыр-аяғында бул алдын алыў мүмкин болған кеселликлердиң тарқалыўын азайтыўға, мийнет етиў қәбилетин сақлап қалыўға, жедел турмыстың даўамлылығын арттырыўға ҳәм пүткил халықтың абаданлығын жақсылаўға хызмет етеди.
Таярлаған
Элина Акопова.