Олимпиада қалашасында өткерилип атырған «WTT Youth Contender» турнири 21 мәмлекеттен 500 ге шамалас жас теннисшилерди жәмлеген. Жарыс U11, U13, U15, U17, U19 жас категорияларында өткерилип, 22-июльге шекем даўам етеди.

24-июль күни Ташкентте ересеклер арасында «WTT Feeder» турнири басланады. Онда 18 мәмлекеттен 160 тан аслам спортшылар қатнасыўы күтилмекте. Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери 28-июль күни анықланады.

Ташкент қаласында «World Table Tennis» (WTT) сериясындағы халықаралық турнирлердиң өткерилиўи дүнья спорт жәмийетшилигиниң Өзбекстанға ири халықаралық жарыслар өткерилетуғын майдан сыпатында қызығыўшылығы артып атырғанын тастыйықлайды ҳәм мәмлекетимизде стол теннисиниң буннан былай да раўажланыўына хызмет етеди.