"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, ҳаўа температурасы әсте-ақырын көтериледи ҳәм екшемби күни ҳаўа 36-39 дәрежеге шекем, арқа, қубла ҳәм шөл аймақларында 40-42 дәрежеге шекем ысыйды.

Республикамыздың арқа ҳәм шөл аймақларында самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен жаўыўы мүмкин.

24-июль күни Ташкент, Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятларының таў алды ҳәм таўлы аймақларында сел-суў өтиўи мүмкин.

Ташкентте: ҳаўа алағат бултласқан, жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның температурасы бүгин күндиз - 34-36°, ертең түнде - 21-23°, күндиз - 35-37°, екшемби күни түнде - 22-24°, күндиз - 36-38°. Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи.