Бул ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын бир қатар аймақлар транспорт логистикасы тараўына қәнигелестириледи. Әндижан ўәлаятының Ханабад қаласы, Бухара ўәлаятының Алат районы, Сурхандәрья ўәлаятының Термиз районы, Ташкент ўәлаятының Янгийўл ҳәм Аҳангаран районлары солардың қатарына киреди.
2030-жылдың ақырына шекем жаңа логистика орайлары ҳәм қурғақлықтағы портларды қурыў, темир жол станцияларын кеңейтиў, жүк тасыў ушын қосымша бажыхана терминаллары ҳәм тоқтаў орынларын шөлкемлестириў режелестирилген. Атап айтқанда, Ханабадта 100 гектар майданда логистика орайын қурыў, кейин ала оны 300 гектарға кеңейтиў нәзерде тутылған. Аҳангаран районында 50 гектарға шекем "А" категориялы қурғақлық портын шөлкемлестириў режелестирилген.
Терминаллар ҳәм қоймаханаларды басқарыў, автомобильлердиң мәмлекетлик дизимнен өткериў номерлерин электрон есапқа алыў системалары “E-logistika” платформасына интеграцияланады. Сондай-ақ, оның тийкарында жүк тасыўшылар, логистика орайлары, шегара пунктлери ҳәм темир жол станциялары ҳаққындағы мағлыўматларды жыйнаў ҳәм таллаў, оптимал тасыў жөнелислерин таңлаў шөлкемлестириледи.
2027-жылы көп функциялы ҳәм мультимодаль логистика орайларын қурыў ҳәм модернизациялаў ушын халықаралық финанс институтларының кеминде 200 миллион долларлық жеңиллетилген қаржыландырыўын тартыў режелестирилген.
Ҳүжжетте салық ҳәм бажыхана жеңилликлери нәзерде тутылған. Талапқа жуўап беретуғын логистика орайлары 2040-жылға шекем жер ҳәм мүлк салығынан азат етиледи. Сондай-ақ, 2029-жыл 1-августқа шекем Өзбекстанда аналоги ислеп шығарылмайтуғын импорт етилетуғын қоймахана ҳәм жүклерди түсириў үскенелериниң айырым түрлерин бажыхана бажысынан азат етиў ҳәм мәжбүрий сертификатластырыў нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, 2026-жыл 1-ноябрьден халықаралық курьерлик жөнелтпелерин рәсмийлестириў ушын бажыхана жыйымы ставкасы 20 процентке азайтылады. 2027-жыл 31-декабрьге шекем мәмлекетимизде аналоги жоқ ҳәм транспорт қуралларын ислеп шығарыўда пайдаланылатуғын айырым импорт товарлар бажыхана бажысынан азат етиледи.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 14.10.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».