"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, бул күнлери ҳаўа бираз бултласып, айырым жерлерде өзгерип турады, жаўын-шашын болмайды, тек ғана бүгин күндиз Ташкент ўәлаятында ҳәм ҳәптениң айырым күнлери республиканың таўлы аймақларында айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин.

Арқада, шөл аймақларында ҳәм 14-август күни республика бойынша айырым жерлерде самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен жаўыўы мүмкин.

Ташкентте: бүгин күнниң екинши ярымында қаланың айырым жерлеринде азмаз қысқа мүддетли жаўын жаўып, гүлдирмама болыўы мүмкин.

11-14-август күнлери ҳаўа алағат бултласып, жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның температурасы түнде 23-26гр жыллы, күндиз 37-40гр жыллы, 12-13-август күнлери 41гр жыллы.