"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, бүгин күнниң екинши ярымында Ташкент ўәлаятының айырым аймақларында аз муғдардағы қысқа мүддетли жаўын жаўыўы мүмкин.

Ҳаўа температурасының әсте-ақырын төменлеўи даўам етеди. Бүгин күндизги ўақытлары 26-30 дәреже ыссы, қубла районларда 31-33 дәрежеге шекем, шемби ҳәм екшемби күнлери әсте-ақырын 22-25 дәрежеге шекем, қублада 27-30 дәрежеге шекем төменлейди.

Самалдың тезлиги 7-12 м/с, 26-27-сентябрь күнлери арқада ҳәм шөл аймақларында айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин.

Ташкент қаласында ҳаўа бираз бултлы, айырым жерлерде өзгерип турады. Бүгин күнниң екинши ярымында азмаз қысқа мүддетли жаўын жаўыўы мүмкин, шемби ҳәм екшемби күнлери жаўын-шашын болмайды.

Ҳаўаның температурасы түнде 11-14гр суўық, 25-сентябрьде 26-28гр жыллы, дем алыс күнлери 23-25гр суўыққа шекем төменлейди.

Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи.