Жаңа нормалар көп квартиралы турақ жайлардың фасадларын оңлаў ҳәм подваллардағы магистраль тармақларды қадағалаў, улыўма пайдаланыў аймақларында санитариялық нормаларды сақлаў тәртибин белгилейди. Олар үш айдан кейин күшке киреди.

Атап айтқанда, фасадларды оңлаў мүддетлери белгиленген - имараттың сыртқы фасадында пайда болған кемшиликлер басқарыў компаниясы тәрепинен бир ай мүддетте толық сапластырылыўы керек.

Жертөле арқалы өтетуғын магистраль ыссылық қубырлары ҳәм системаларында насазлықлар анықланғанда болса, тезлик пенен ыссылық тәмийнаты шөлкемине хабар бериў, оған оңлаў бригадаларының иркинишсиз кириўин тәмийинлеў зәрүр.

Халықтың улыўма қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм имараттың жойбарлаў талапларына әмел етиў мақсетинде подъездлерде кондиционер блоклары ҳәм ысытыў қурылмаларын өзбасымшалық пенен орнатыў қадаған етилген.

Лифттиң авариялық-қутқарыў қурылмасы, видеобақлаў камерасы, байланыс қурылмасы ҳәм айрықша жағдайлар ҳаққында хабар бериў қураллары жумыс ислеў жағдайында сақланыўы керек.

Буннан тысқары, ҳәр айда лифтке техникалық хызмет көрсетиў ҳәм оны ҳәр жылы ўақты-ўақты менен техникалық тексериўден өткериў зәрүр.

Лифттиң барлық кабиналарында төмендеги мағлыўматлар көрсетилген арнаўлы тахтайша болыўы шәрт:

пайдаланыў қағыйдалары;

лифттиң атамасы ҳәм жүк көтериўшеңлиги (жолаўшылардың максимал саны көрсетилген ҳалда);

"Қәўипсиз лифт" бирден-бир платформасында дизимнен өткериў номери;

техникалық көриктен өткенлиги ҳаққындағы мағлыўматлар;

авария ҳәм техникалық хызмет көрсетиў диспетчерлик орайының жумыс телефон номерлери.

Сондай-ақ, шахта ҳәм машина бөлмесине де талаплар белгиленген - лифт шахтасы, машина бөлмеси ҳәм оларға кириў жоллары бос, жат буйымлар болмаған ҳәм толық жақтыландырылған болыўы керек.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 16.11.2026-жылдан күшке киреди, деп жазады «Norma».