Ҳүжжетте турақлы жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыў мақсетинде шөлкемлестирилетуғын районлық ҳәм қалалық штаблар тәрепинен шаңарақлық ҳәм жаслар исбилерменлиги бағдарламалары шеңберинде жеңиллетилген кредитлердиң бөлистирилиўи бойынша қарарлар қабыл етилиўи нәзерде тутылған.

Штаблар 3,2 триллион сумнан аслам қаржы ресурсларын, соның ишинде, шаңарақлық исбилерменлик бағдарламасына ажыратылған қаржылар есабынан 1,37 триллион сум, жаслар бизнеси ушын 450 миллиард сум, Кәмбағаллықты қысқартыў қорынан 240 миллиард сум ҳәм Бәнтликке көмеклесиў қорынан 100 миллиард сум қаржыларды өзлестириўи мүмкин болады.

Штабтың қарарына бола, "Социаллық реестр"деги шаңарақларды кооперация жойбарларына тартқан жетекши исбилерменлер ҳәр бир шаңарақ ушын 50 миллион сумнан гиреўсиз кредит алыў имканиятына ийе болады. Онда кредиттиң максимал муғдары 5 млрд сумды қурайды.

Сондай-ақ, 1-октябрьден баслап өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар, киши ҳәм орта кәрханаларға берилген банк кредитлери процентлериниң бир бөлегин қаплап бериў бойынша штаблар қарар қабыл етпекте. Субсидияларды төлеўге Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы жуўапкер.

Қарарлар қабыл етиўде жергиликли шараятлар, раўажланыўдың тийкарғы бағдарлары ҳәм жойбарлардың нәтийжелилиги тийкарғы өлшем болады. Кредит тарийхы, турақлылық рейтинги ямаса кәрхана категориясына қосымша талапларды белгилеў қадаған етиледи.

Сондай-ақ, социаллық қоллап-қуўатлаў механизми де өзгермекте - районлық ҳәм қалалық штаблар "Сақаўат ҳәм көмек" қорлары, "Жаслар ҳәм ҳаял-қызлар дәптерлери" (760 млрд сум) қаржыларын басқарыў имканиятына ийе болады, олардың есабынан социаллық жәрдем ҳәм хызметлер көрсетиледи.

2027-жыл 1-январьдан баслап адамлардың социаллық жәрдем ҳәм хызметлерге мүтәжлиги, "Социаллық реестр"ге киргизиў ҳаққындағы қарарлар баҳалаў системасы тийкарында анықланады. Қаржы шараятынан тысқары шаңарақ ағзаларының созылмалы кеселликлери, майыплығы, мийнет миграциясы, балалар саны ҳәм басқа да факторлар есапқа алынады.

Шаңарақлардың социаллық-экономикалық жағдайы баллық система тийкарында баҳаланады. Алынған нәтийжелер тийкарында шаңарақларға тийисли категориялар берилип, олар социаллық қоллап-қуўатлаў илажлары ҳәм хызметлеринен пайдаланыў имканиятына ийе болады.

Соның менен бирге, Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў қоры мийнет шәртнамасы тийкарында бәнт болған ҳаял-қызларға ҳәмиледарлық ҳәм туўыў дем алысы тамамланған ўақыттан баслап, бала бир жасқа толғанға шекем бала тәрбиясы бойынша напақа төлей баслайды.

Тастыйықланған:

Турақлы жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыў бойынша районлық ҳәм қалалық штаблардың тийкарғы ўазыйпалары;

Ваучер арқалы берилетуғын социаллық қоллап-қуўатлаў илажларының дизими.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 12.09.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».