Буның ушын my.gov.uz порталы ямаса MyGov мобиль қосымшасында "Билимлендириў шөлкеминде оқып атырған оқыўшыны сырт мәмлекетке шығыўы мүнәсибети менен оқыўшылар қатарынан шығарыў" хызметин таңлап, электрон сораўнама толтырыў ҳәм арза бериў керек.

Хызмет бийпул, ҳеш қандай ҳүжжет талап етилмейди. Барлық зәрүр мағлыўматлар мәкемелераралық алмасыў арқалы электрон түрде алынады.

Арза балалар мәселелери бойынша районлық (қалалық) комиссия тәрепинен 5 жумыс күнинде көрип шығылып, тийисли қарар қабыл етиледи.

Қабыл етилген қарар тийкарында мектеп бир жумыс күни даўамында оқыўшыны оқыўшылардың электрон базасынан шығарады.

Арзаны көрип шығыў нәтийжелери ҳаққында пуқара my.gov.uz порталы ямаса MyGov мобиль қосымшасындағы жеке кабинети арқалы хабардар етиледи.