Таңлаў аймақлардағы өнерментлердиң дөретиўшилик потенциалын қоллап-қуўатлаў, миллий өнерментшилик өнимлерин ғалаба ен жайдырыў, туристлер ушын ықшам, сапалы ҳәм арзан сувенирлер жаратыўға хызмет етеди.
Екинши басқыш өнерментлер арасында өткериледи. Қатнасыўшыларға биринши басқыш жуўмақлары бойынша таңлап алынған 10 ең жақсы дизайн ҳәм эскизлер менен танысыў усыныс етиледи. Ҳәрбир өнермент вариантлардан бирин таңлап, оның тийкарында таяр сувенир буйымды жаратыўы керек. Бунда өнерментшилик бағдарының өзине тәнлигин ҳәм өзиниң дөретиўшилик идеяларын есапқа алған ҳалда дизайнди жетилистириўге жол қойылады.
Онда қатнасыў ушын онлайн дизимнен өтиў керек. Таяр өнимлер 2026-жыл 10-ноябрьге шекем "Өнермент" ассоциациясының аймақлық басқармаларына усынылыўы керек.
Таңлаў жуўмағында ең жақсы 10 жумыс таңлап алынады. Жеңимпазлардың ҳәр бирине 20 миллион сумнан ақшалай сыйлық бериледи.
Жеңимпаз болған өнимлер және де үгит-нәсиятлаў ҳәм сериялық ислеп шығарыўды шөлкемлестириў ушын тараў ўәкиллерине усынылады.
Дизимнен өтиў ушын силтеме: https://forms.gle/pn1zvDRQZDb97fQx5