Илаж Өзбекстан Республикасы Туризм комитетиниң қоллап-қуўатлаўы менен Аспазлар ассоциациясы тәрепинен шөлкемлестирилди. Аспазлар жәмийетлериниң пүткил жер жүзилик ассоциациясы (Worldchefs) тәрепинен чемпионаттың рәсмий тән алыныўы оның халықаралық статусын атап өтеди ҳәм профессионал жәмийетшилик тәрепинен тән алынған аспазлық жарыслары, кәсиплик этика, ашық-айдын төрешилик ҳәм халықаралық бирге ислесиў принциплерине әмел етилиўин тәмийинлейди.

Орайлық Азияның жетекши аспазлық ҳәм гастрономиялық илажларынан бири сыпатында чемпионат профессионал шеберлик, дөретиўшилик потенциал ҳәм заманагөй санаат әмелиятларын көрсетиў ушын кең майдан жаратады. Онда ҳәр қыйлы мәмлекетлерден келген тәжирийбели аспазшылар, жас талант ийелери, студент-жаслар, оқытыўшылар, миллий ҳәм профессионал командалар, билимлендириў мәкемелери, туризм ҳәм миймандослық тараўының ўәкиллери қатнаспақта.

Жарыс қатнасыўшылары арасында профессионал аспазлар, кондитерлер, нанбайлар, шоколадлар, мийўе ҳәм овошларды көркем ойыў усталары, кулинария художниклери, жас аспазлар, студентлер, миллий ҳәм аймақлық командалар, корпоратив жәмәәтлер ҳәм тараў шөлкемлери бар.

Чемпионаттың тийкарғы мақсетлери - аспазлық көркем өнеринде профессионал шеберлик ҳәм үзликсиз раўажланыўды хошаметлеў, билим ҳәм тәжирийбе алмасыўды беккемлеў, аспазлық билимлендириўин интернационалластырыў, жас қәнигелердиң кәсиплик раўажланыўы ҳәм халықаралық тәжирийбени ийелеўи ушын имканиятлар жаратыў, сондай-ақ, Өзбекстанның миллий аспазлық мийрасын дүнья көлеминде ғалаба ен жайдырыўдан ибарат.