Киргизилген қосымшаларға бола, белгили бир жумыс түрлери менен шуғылланыўшы юридикалық тәреплерге қоршаған орталықты патасландырыў дәреклериниң мониторингин алып барыў бойынша қосымша миннетлемелер жүкленди.
Онда мәмлекетлик экологиялық мониторинг системасының бирден-бир геомәлимлеме мағлыўматлар базасына мағлыўматларды киргизбегенлик, толық киргизбегенлик ямаса исенимсиз мағлыўматларды киргизгенлик ушын:
қоршаған орталыққа тәсир көрсетиўдиң I ҳәм II категорияларына киретуғын жумыс түрлери менен шуғылланыўшы юридикалық тәреплерге БЕМның 100 есесинен 300 есесине шекемги муғдарда жәрийма қолланыў белгиленген.
Сондай-ақ, орман фонды жерлерин нызамға қайшы түрде бериў, олардан нызамға қайшы түрде пайдаланыў усындай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин әмелге асырылған болса, -
БЕМның 300 есесинен 400 есесине шекемги муғдарда жәрийма ямаса 2 жылдан 3 жылға шекем азатлықты шеклеў ямаса 3 жылға шекем азатлықтан айырыў менен жазаланады.
Төмендегилер ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленди:
арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видео жазыў программалық-техникалық қураллары жәрдеминде анықланған экологиялық ҳуқықбузарлықлар;
шығындыларды жыйнаў орынлары ҳәм олардың қорғалмаған имаратларынан шығындыларды нызамға қайшы түрде жыйнаў ҳәм алып шығыў.