"Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары
ҳаққында"ғы Нызамға киргизилген өзгерислерге бола, қурылыс-монтажлаў
жумысларын баслаў ушын қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы тараўында
қадағалаў аймақлық инспекцияларынан руқсатнама алыў талап етиледи.
Жынаят кодексине киргизилген өзгерислерге бола, көп квартиралы турақ
жайларды қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы тараўында қадағалаў
инспекцияларының руқсатысыз қурыў, сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза
қолланылғаннан кейин исленген болса, үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў
менен жазаланатуғыны белгиленди.
Сондай-ақ, қала
қурылысы ҳаққындағы нызамшылықты бузыў адам өлимине ямаса басқа да аўыр
ақыбетлерге себеп болса, бес жылдан жети жылға шекем еркинен айырыў менен
жазаланатуғыны белгиленди.
Нызам рәсмий
жәрияланған күннен баслап үш ай өткеннен кейин күшке киреди.