Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигиниң мәлим етиўинше, бүгинги күнге шекем 3 мың 641 гектар майданда химиялық қайта ислеў жумыслары алып барылған болып, 22 мың гектардан аслам майданда бақлаў жумыслары алып барылмақта. Усы жылы 651,8 мың гектар жерди қайта ислеў режелестирилген.
Жумысларды әмелге асырыў ушын:
53 - жоқары өнимдарлы бүркиў машиналары;
194 бүркегишли тракторлар,
1000 нан артық мотопомпа бүркегишлер,
25 суў жеткерип бериўши транспорт қураллары,
66 мотоцикл.
Жанылғы-майлаў материаллары ҳәм химиялық қураллардың зәрүр резерви жаратылды.
Барлық ўәлаятларда штаблар, районларда оператив отрядлар дүзилди. Шегирткелерди күни-түни қадағалаў ҳәм оларға қарсы гүресиў ушын 700 ге шамалас қәниге тартылған.
Атап өтилиўинше, Өзбекстанда шегирткелердиң 200 ге шамалас түри бар, бирақ ҳәр жылы зыянлы ошақларды қәлиплестире алатуғын 6-8 түрге қарсы гүрес алып барылмақта.
Пуқаралардан шегирткениң тарқалыў жағдайлары бойынша 1288 ямаса 71 202 10 00 номерлерине хабар бериўи соралады. Химиялық қайта ислеў бийпул әмелге асырылады.