Мүлкий ҳуқықларды рәсмийлестириў тәртибин әпиўайыластырыў мақсетинде
2027-жыл 1-январьдан баслап:
ҳуқық ийесиниң дизимнен өткериўши уйымға өз ўақтында мүрәжат етпеў
жағдайлары анықланған жағдайларда, көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик
дизимнен өткергени ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик илажларын қолланбай,
мүддетинен келип шыққан ҳалда арттырылған ставкалар бойынша төлем өндириў
системасын;
салық төлеўшиге жеке
меншик мүлк ҳуқықы тийкарында тийисли болған турақ жайды сатыўдан алынған
дәрамат, егер ол мийрас тәртибинде ямаса жақын туўысқанынан саўға сыпатында
алынған болса, салық салыўдан азат етиў ушын белгиленген мүддетти есаплаў -
ўәсият етиўшиниң ямаса саўға етиўшиниң усы турақ жайға болған мүлк ҳуқықы
мәмлекетлик дизимнен өткерилген сәнеден баслап.
Сондай-ақ,
қадаған етилген ямаса хатланған турақ жайда гиреўге алыўшының келисиминсиз
жасаў ҳәм турған орны бойынша дизимнен өтиўге жол қойылады. Онда дизимнен өткерилип
атырған шахс мүлк ийесиниң (гиреўге алыўшының, қадаған етиў ямаса оны алып
таслаў ушын жуўапкер уйымның) ишки ислер уйымларына мүрәжаты тийкарында өзиниң
дизимнен өткерилгенлигин бийкар етиўге алдыннан келисим бериўи керек.
2026-жыл
1-октябрьден баслап Бирден-бир порталында төмендеги хызметлер иске қосылады:
физикалық ҳәм
юридикалық шахслар тәрепинен гиреўге ямаса ипотекаға, сондай-ақ, оларға мүлк
ҳуқықы тийкарында тийисли болған көшпес мүлк объектлери ҳәм автомототранспорт
қуралларын басқа шахсқа бериўге қадаған етиўдиң қойылыўы ямаса алып тасланыўы.
Онда, қадаған етиў Face-ID арқалы идентификациялаўдан өткен физикалық тәреплер
тәрепинен, юридикалық тәреплер тәрепинен болса, олардың шөлкемлестириўшилери
улыўма жыйналысының қарары тийкарында электрон санлы имза (ЭСИ) арқалы әмелге
асырылады;
пуқаралардың
атына рәсмийлестирилген ҳәм олар тәрепинен пайдаланылып атырған телефон
номерлери ҳәм банк карталары ҳаққындағы мағлыўматларды алыў, бул процессти
басқарыў имканиятын жаратыў;
пуқараның атына
жаңа нотариал ҳәрекетти рәсмийлестириў ҳәм олардың есабын жүргизиўде
автоматластырылған түрде Бирден-бир интерактивлик мәмлекетлик хызметлер порталы
(БИМХП) арқалы хабардар етиў.
2026-жыл
1-сентябрьге шекем БИМХПда банклердиң виртуал төлем картасын таңлаў тийкарында
ашыў, өзиниң банк пластик картасын байланыстырыў, усы карталар арқалы
мәмлекетлик хызметлер ушын төлемлерди әмелге асырыў, сондай-ақ, артықша ямаса
қәте төленген қаржыларды ямаса мәмлекетлик хызмет көрсетиў мүддети өткенлиги ушын
төлемлерди автоматикалық түрде өзиниң картасына қайтарыў имканияты жаратылады.
Сондай-ақ,
пуқаралар бирден-бир порталында картаны ашқаны, оны банклер жәрдеминде
толтырғаны ҳәм виртуал төлем картасынан пул қаржыларын өзлерине тийисли банк
пластик карталарына өткергени ушын олардан комиссия жыйымлары өндирилмейтуғыны
белгиленди.
Ҳүжжетте жас
өспиримлер өз ҳуқықларын еркин әмелге асырыў бойынша судларға мүрәжат еткенде
мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилиўи нәзерде тутылған.
Проактив
мәмлекетлик хызметлер көрсетиўди кеңейтиў
2026-жыл
1-октябрьден баслап басланғыш мағлыўматлар (фамилиясы, аты, әкесиниң аты,
туўылған сәнеси) өзгергенде, олар мәмлекетлик уйымлардың мәлимлеме
системаларына автоматластырылған түрде киргизиледи.
Онда, дәслепки
мағлыўматларды өзгерткен әдиллик уйымы "Электрон ҳүкимет" системасы
арқалы мәмлекетлик уйымларға хабарнамаларды усынады ҳәм пуқаралар тәрепинен
қосымша арзалар берилмеген ҳалда тийисли ҳүжжетлерге электрон түрде өзгерислер
киргизеди. Физикалық шахсқа БИМХП арқалы оның басланғыш мағлыўматларының
өзгергени ҳаққында мағлыўматнама реал ўақыт режиминде бериледи ҳәм оның
тийкарында шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжетлер қайта рәсмийлестириледи.
Реклама
тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыў
Пуқаралардың
ҳуқықларын реклама қоңыраўлары ҳәм хабарнамаларынан қорғаўды күшейтиў
мақсетинде 2026-жыл 1-ноябрьден баслап ҳәр қандай шахслар тәрепинен мобиль
байланыс қураллары арқалы СМС-хабарнамалары арқалы товар (жумыс, хызмет) ларды
усыныўшы шахслар тәрепинен тек ғана шахстың жазба ямаса электрон түрдеги
разылығы алынғаннан соң реклама әмелге асырылады.
Сондай-ақ, саат
18.00 ден 09.00 ге шекемги аралықта реклама қоңыраўлары ҳәм хабарнамаларды
телекоммуникация тармақлары арқалы тарқатыў қадаған етиледи.
Ҳүжжет пенен
төмендегилер тастыйықланды:
Бирлемши мағлыўматлар
өзгергенде автоматикалық түрде өзгерис киргизилетуғын мағлыўматлар дизими;
Мәмлекетлик
хызметлерди жетилистириў ҳәм пуқараларға қосымша қолайлықлар жаратыў бойынша
илажлар режеси;
Ҳүжжет Нызамшылық
мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 15.07.2026-жылдан күшке кирди,
деп хабар бермекте «Norma» мәлимлеме-ҳуқықый порталы.