Усы қарар менен 2026-2027-жылларда жәмиетте ҳуқықый
мәдениятты арттырыў бойынша илажлар бағдарламасы (Бағдарлама) тастыйықланды.
Бағдарлама шеңберинде "Онлайн мәҳәлле" платформасы
ҳәм "мәҳәлле жетилиги" жәрдеминде халықтың әҳмийетли машқалаларын
таллаў тийкарында оларға нызамлы шешим беретуғын әпиўайы медиа материаллар
(аннотация, видео, инфографика, буклетлер) ислеп шығылады.
Жыл жуўмағы бойынша халықтың мүрәжатлары тийкарында
"ТОП-100 ҳуқықый усыныслар" топламы қәлиплестирилип, видео,
инфографика ҳәм подкастлар таярланады. Жаңа нызамшылық ҳүжжетлерин интервью ҳәм
подкастлар арқалы түсиндириў бойынша қәнигелердиң қатнасыўындағы материаллар
"АдлияТВ" каналына жайластырылады.
Қурылыс нызамшылығын интерактив түрде үйрениў (ойынлар,
тестлер) ҳәм нызамсыз қурылыслар ҳаққында хабар бериў имканиятын беретуғын AI-чатботқа ийе
"Қурылыста нызамшылық" мобил қосымшасы жаратылады.
«Advice.uz»
ҳәм "Гендер мәдет" платформалары жетилистирилип, социаллық
тармақларда "Сыйлықлы викторина"лар өткериледи.
Сондай-ақ, Бағдарламада төмендегилер нәзерде тутылған:
балалар арасында ҳуқықый сана-сезим ҳәм мәдениятты арттырыў
ушын ҳуқықый видеороликлерди ислеп шығыў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў;
социаллық тармақларда "Шаңарақты қәстерлеп сақлаң -
зорлықты тоқтатың!" сүрени астында ғалабалық акциялар ҳәм социаллық
роликлер таңлаўларын шөлкемлестириў;
билимлендириў мәкемелеринде "Ҳуқықый билимлер
айлығы"н өткериў.
Тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшылары
Бағдарлама илажларының өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылыўы ушын жеке
жуўапкер есапланады. Бул жумыслардың нәтийжелери ҳаққында ҳәр шеректе Әдиллик
министрлигине мәлимлеме киргизип барылады.