Бала туўылыўы менен шаңарақ 10 мың доллардан еки мәрте төлем алады,
олардың бири келешектеги билимлендириў ушын жумсалады. Балаларға берилетуғын
напақа системасын қайта көрип шығыў ҳаққында жергиликли бас министр Лоуренс
Вонг мәмлекетте туўылыўдың тоқтаўсыз азайыўынан кейин мәлим етти, деп жазбақта “Financial Times”.
"Шаңарақларды қоллап-қуўатлаў бойынша ислеп атырған барлық
ислеримизге қарамастан, реалист болыўымыз керек - туўылыўдың улыўма коэффициенти,
итимал, еле де халықтың көбейиў дәрежесинен әдеўир төмен болады", - деди
мырза Вонг.
Сингапур ҳүкимети социаллық төлемлер системасын қайта көрип шығыўдан
тысқары, ата-аналар ушын биринши турақ жай алыўдың әпиўайыластырылған
бағдарламасын енгизеди.
Буннан тысқары, көп балалы шаңарақларға (үш ҳәм оннан көп балалы) бала тәрбиясы
бойынша көбирек дем алыс күнлери ажыратылады - жумыс ислеп атырған бир
ата-анаға 12 күнге шекем ўақыт туўра келеди, бурын олардың саны тек ғана 8 еди,
деп жазбақта kommersant.ru.
Бурын Сингапурда
басқа жеңилликлер системасы әмел еткен - перзент туўылғанда ата-анаға бир мәрте
10 мың сингапур долларына шекем пул төленетуғын еди. Ҳәзир болса балалар
напақасын бала өмириниң бир неше жылына бөлистирген. Ҳүкиметтиң пикиринше, бул
туўыўшылық ушын гүресте жәрдем бериўи керек.
Сингапур бир неше
он жыллықтан берли мәмлекетте демографияны арттырыўға ҳәрекет етпекте.
2025-жылы ол жерде рекорд дәрежеде төмен дәреже - бир ҳаялға тек ғана 0,87 бала
туўра келген, халықтың орнын толтырыў ушын болса 2,1 бала зәрүр. БМШ есабатына
бола, 2030-жылға барып ҳәр төртинши сингапурлы 65 жастан жоқары болыўы мүмкин.