Жарыста 7 мәмлекеттен, соның ишинде, АҚШ, Әзербайжан, Австралия ҳәм Польшадан
12 команда қурамында 500 ге шамалас әскерий хызметкер қатнасты. Жарысты және 8
мәмлекет, соның ишинде, Түркия, Мексика, Филиппин ҳәм Малайзия әскерий
хызметкерлери де бақлап барды.
2023-жылдан берли өткерилип киятырған жарыстың бүгинги басқышында
қатнасыўшылар таўлы, тоғайлы ҳәм қала аймақларында жаўынгерлик ҳәрекетлерди
алып барыў бойынша тапсырмаларды орынлады ҳәм бир ўақыттың өзинде үш түрдеги
аймақтағы тапсырмаларды орынлаўды нәзерде тутатуғын комплексли басқыштан өтти.
Өзбекстан Қорғаныў министрлиги әскерий хызметкерлери ҳәр қыйлы пәнлер
бойынша жоқары нәтийжелерди көрсетти.
Атап айтқанда,
Өзбекстан командасы таўлы аймақта тапсырманы орынлаў ўақтында жоғалтыўларсыз
қорғаныў позициясында турған шәртли душпанды жоқ етип, жети байрақты қолға
киргизди. Шөлкемлестириўшилердиң атап өтиўинше, алдын ҳеш бир команда бундай
нәтийжеге ерисе алмаған.
Қала аймағындағы
тапсырма даўамында өзбекстанлы әскерий хызметкерлер де шәртли душпанға ҳүжим
етип, барлық объектлер ҳәм жети байрақты ийелеп, жарыстың және бир рекордын
орнатты.
Буннан тысқары,
қала аймағында қорғаныў объектлерин услап турыў бойынша тапсырманы орынлаўда
Өзбекстан командасы 7 объект ҳәм барлық байрақларды шығынсыз ийелеп, жарыс
рекордын жаңалады.
Жарыс жуўмағында
Өзбекстан командасы 316 балл топлап, биринши орынды ийеледи. Екинши орынды 212
балл менен Камбоджа командасы, үшинши орынды 192 балл менен Корея Республикасы
командасы ийеледи.
Ислам Кәримов
атындағы Ташкент халықаралық аэропортында жеңимпазлар салтанатлы күтип алынды.
Илажда Қорғаныў министрлигиниң жуўапкер офицерлери, жәмийетшилик ҳәм ғалаба
хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.