Үш мәмлекеттиң қорғаныў министрликлери, жаўынгерлик техника, әскерий-теңиз күшлери ҳәм авиация, сондай-ақ, ушыўшысыз ушыў аппаратлары әскерий хызметкерлериниң қатнасыўындағы шынығыўларды өткериўден тийкарғы мақсет - биргеликтеги операцияларға таярлық дәрежесин арттырыў, әскерлердиң өз-ара бирге ислесиўин жақсылаў ҳәм оқыў-шынығыў тәртиплерин стандартластырыў, бөлимлердиң жаўынгерлик қәбилетин раўажландырыўдан ибарат.

Жуўапкер басшылар бундай биргеликтеги шынығыўлардың әҳмийетли тәреплери түрли бағдарларда алдынғы тәжирийбелерди алмасыў, заманагөй көзқараслар ҳәм усылларды өз-ара үйрениў, әскерий бөлимшелер арасында әмелий бирге ислесиўди және де раўажландырыў екенин атап өтти.

Сондай-ақ, қатнасыўшылар алдында турған ўазыйпаларды жоқары дәрежеде әмелге асырыў, тәжирийбе алмасыў ҳәм нәтийжели бирге ислесиўди және де беккемлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Мағлыўмат ушын, үш басқышлы шынығыўлар Әзербайжан армиясының Қарабағ экономикалық районындағы "Қызылғай", Нахичеван автоном республикасындағы "Қарабақлар" ҳәм Каспий теңизиниң Әзербайжан секторындағы "Буюк Зира" полигонларында өткериледи.