Соңғы мағлыўматларға бола, Конго ДРда 2 мың 473 наўқас анықланған, соннан
999 адам қайтыс болған. Угандада 20 адамда инфекция анықланды, еки наўқас
қайтыс болды.
Конго ДРда эпидемия жүзеге келгени ҳаққында 15-май күни Итури
провинциясында бир неше адам қайтыс болғанынан соң рәсмий түрде жәрияланды.
Мәмлекеттиң тап усы арқа-шығыс аймағы инфекция тарқалыўының орайы болып
қалмақта. Сондай-ақ, және 4 ўәлаятта кеселлик жағдайлары анықланған. Угандада
инфекция жуқтырғанлардың көпшилиги мәмлекет шегарасын кесип өткен Конго ДР
пуқаралары болып есапланады. Соның менен бирге, мәмлекет рәсмиятының мәлим
етиўинше, соңғы үш ҳәптеде жаңа анықланған жағдайлар анықланбаған, деп жазбақта
"Мир24".
Жәҳән денсаўлықты
сақлаў шөлкеминиң бас директоры Тедрос Адханом Гебрейесус алдынғы эпидемияларға
қарағанда ҳәзирги эпидемияның тез тарқалып атырғанын айтқан еди. ЖДСШның Конго
ДРдағы Бундибугьо штаммына қарсы гүресиў бойынша координаторы Тьерно Бальдениң
атап өтиўинше, инфекция тарқалыўының ең жоқары дәрежеси еле өтилмеген.
Ыссылықты Эбола
вирусының штаммларынан бири - Бундибугьо вирусы келтирип шығарады. Ҳәзирги
күнге шекем бул штаммға қарсы рәсмий тастыйықланған вакцина ҳәм арнаўлы емлеў
усыллары жоқ. Соның менен бирге, ЖДСШ перспективалы вакцина, сондай-ақ,
кеселликтиң контакттан кейинги профилактикасы ҳәм емлениўи ушын препаратлардың
клиникалық сынақлары даўам етип атырғанын мәлим етпекте.
Шөлкемниң
мағлыўматларына бола, региондағы қураллы соқлығысыўлар, медициналық жәрдемнен
пайдаланыў имканиятының шекленгени ҳәм эпидемияға қарсы илажларды әмелге
асырыўдағы қыйыншылықлар инфекцияның тарқалыўына қарсы гүресиўди
қыйынластырмақта.